Қарақалпақ халқыныӊ өткен әсирдеги Өмирбек лаққысы атанған Шамурат Өтемуратов 1929-жыл 1-июнь күни Тахтакөпир районында дүньяға келеди. 

Кишкенелигинен көркем өнерге «бир ата жақын өскен» Шамурат Өтемуратов 1955-жылы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүӯретшилик институтын питкергеннен соң, ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында актёр болып өзиниң мийнет жолын баслады ҳәм өмириниң ақырына шекем усы театрда хызмет етти.

Ол театр сахнасында айрықша өз жолына ийе мектеп жаратып, миллий театрымыз сахнасында жүзге шамалас образлар дөретти. Олар ҳәр қыйлы жанр ҳәм характердеги образлар болып, Шамурат аға кең диапазонға ийе актёр еди.

Солардыӊ ишинде Мольердиң «Скапенниң ҳийлеси»инде Скапен, Ж.Аймурзаевтың «Рәӯшан»ында Саттар, А.Бегимов, Т.Алланазаровлардың «Ғәрип ашық» ында молла, С.Хожаниязовдың «Сүймегенге сүйкенбе»синде Шыраз молла, К.Рахмановтың «Келин»инде Дарымбет, «Жаралы жүреклер»инде Сапар ата, О.Әбдирахмановтың «Өжет» инде Матирза, Т.Минулинниң «Әзирейлини алдаған адам» ында Әльмендер қусаған образларды күтә шеберлик пенен атқарып, халқымыздыӊ жүрек төринен айрықша орын ийеледи.

Ол Қарақалпақстан радиосында берилетуғын «Тикенек» сатиралық журналының ҳәм телевидениедеги телеминатюралар театрыныӊ тийкарын салыӯшылардың бири болды.

Сондай-ақ, Шамурат Өтемуратовтыӊ «Танк» кинофильминдеги атқарған образы пүткил мәмлекетимиздеги кино ықласбентлерин таӊ қалдырып, Ташкент қаласы ҳәм басқа ўәлаятларда жасаўшы әпиўайы халық Шамурат аға арқалы қарақалпақ халқыныӊ менталитетин билип алды десек асыра силтеген болмаймыз.

Шамурат Өтемуратов күтә мийирман, пүткил саналы өмирин қарақалпақ көркем өнерине арнаған, жаслардың устазы еди.

Оның қарақалпақ көркем өнериниң раӯажланыӯына қосқан мийнети өз ӯақтында баҳаланып, оған 1957-жылы Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, 1963-жылы Қарақалпақстан халық артисти, 1977-жылы Өзбекстан халық артисти  ҳүрметли атақлары берилди.

1986-жылы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, театр ҳәм кинода көплеген юмор-сатиралық рольлерди шеберлик пенен атқарып шыққан сүйикли актёрымыз Шамурат Өтемуратов өзиниӊ 77 жыллық өмири даўамында халқымызға айрықша руўхый заўық бағышлаған XX әсирдиӊ Өмирбек лаққысы болды десек қәтелеспеген боламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.