Рамазан айы – бул мусылманларда айлардың султаны болып есапланады. Алатаала усы айда өзиниң мөмин мусылман бенделерине бир ай даўамында ораза тутыўды парыз қылған.

Бул ай сондай бир пазыйлет айы, оның дәслепки он күни рахмет, ортадағы он күни мәғфират, яғный, бенделердиң гүналары кеширилетуғын күнлер, ал соңғы он күни болса, дозаққа ҳақылы болатуғын инсанлардың дозақтан азат етилетуғын күнлери болып есапланады.

Бул айда қәдир түни бар. Ақырғы он күнлигиниң тақ күнлериниң биринен излеўди буйырады.

Ораза өзи араб тилинде «саўм», деп айтылады. Яғный, араб тилинен аўдарғанда «азғана ўақыт болса да, өзин бир нәрседен тыйып турыў», деген мәнисти билдиреди.

Таң атқаннан қуяш батаман дегенге шекем нийет пенен ишип-жеў, ораза ўақтында қадаған етилген ҳәрекетлерден тыйылыўға айтылады. Оразаның шәрти усы екен, ҳәр бир мусылман мен алланың разылығы ушын ораза туттым деп нийет етиўи керек.

Рамазан оразасы Ҳижрий екинши жылы мусылман үмметине парыз қылынған. Бул бойынша Алатаала Қураны кәримде мәрҳамат қылып «Ҳәй ийман келтиргенлер, ҳақыйқатында сизлерге алдынғы үмметлериме парыз қылғанымдай сизлерге де бул рамазан айында ораза тутыў парыз қылынды. Қәне енди тақыўа қылсаңызлар» деп Аллатаала аятында кәлима келтиреди. Тақыўа дегени Аллатааладан қорқыўға айтылады. Ким сол Аллатаала буйырған таат-ибадатты орынлап, қайтарған, ҳарам қылған нәрселеринен қайтып өмир сүретуғын болса, әне сол тақыўадар бенде, деп айтылады.

Рамазан оразасын тутыўда бир қанша пайдалар бар. Саўап болады, инсанды машақатқа таярлайды. Ораза бул – инсанның нәпсисин тәрбиялайтуғын ибадат болып есапланады. Ҳәттеки, дүнья тән алған медицина хызметкерлери де ораза тутыўдың мыңнан аслам пайдасы бар екенин өзлериниң илимий изертлеўлеринде баян еткен.

Бәлағат жасына жеткен мөмин мусылман бендеси ораза тутыўы парыз болып есапланады.

Кимде-ким сапарда болатуғын болса, кимде-ким ораза тутыўға шамасы келмесе, яғный, наўқасы болып ораза тутқан жағдайда кеселленип аўыр жағдайға түсетуғын болса ямаса қартайып шамасы келмесе, әне, олар сапардағы инсан сапардан кейин, наўқас инсанлар саўалғаннан кейин қалдырған оразасын қайта тутып бериўи керек болады. Егер кеселлиги, қартайғанлығы себепли өмириниң ақырына шекем ораза тута алмайтуғын жағдайда болса, олар фидя бериўи керек болады. Яғный, бир мискинге бир адам тойып аўқатлана алатуғын тағам береди.

Сапарда болыў дегени, кимде-ким 95 километрден аслам узақлыққа сапарға кетсе, ол жерде 14 күн даўамында қалып кетсе, 15-күни қайтып келсе сол инсан сапардағы инсан, деп есапланады. Ал 15 ҳәм оннан да аслам сол жерде қалып кетсе, ол сапардағы инсан деп есапланбайды.

Ислам дининде ҳаяллардың ораза тутыўы бойынша да айтылған. Егер ҳаял жүкли болса ямаса емизиўли баласы бар болса, денсаўлығы көтерсе ораза тутыўына болатуғыны айтылған. Бирақ, ҳәмиледар ҳаялдың денсаўлығы көтермесе ямаса ораза тутыў емизиўли ҳаялдың өзине яки баласына зыян келтиретуғын болса ораза тутпаўына рухсат етиледи. Ҳәмиледар ҳаял босанғаннан кейин, емизиўли ҳаял баласы емизиўден шыққаннан кейин қазасын тутып береди. Бирақ, емизиўли ҳаялдың баласы бир ярым жастан үлкен болса, ана сүтинен басқа аўқат жей алатуғын болса, олардың ораза тутыўы парыз болады. Ҳаял-қызларда ҳәр айда болатуғын жағдайларда да ораза тутпай сол күнлерин кейин тутып бериўи керек болады. Қайсы бир инсан оразасын ҳеш қандай себепсиз бузса, 60 күн каффарат оразасын тутыўы керек болады. Бир күнин бузып алса да қайтадан каффарат оразасын тутыўы керек болады. Пайғамбарымыз өз ҳәдисинде «қайсы бир инсан рамазан айында оразасын қаза қылып тута алмай, кейин бир өмир тутып берсе де рамазан күнлери тутылған бир күнниң саўабына тең келмейди деген. Соның ушын оразаны рамазан айында толық тутыўға қатты умтылыўымыз керек.

Бул айда садақа, қайыр-сақаўатты да көп ислеўимиз керек. Фитр садақалары да белгиленген. Ифтарлықлар бар, сәҳәрликлер бар. Бул ай дуўалар, нийетлер қабыл болатуғын мүбәрек ай болып есапланады.

Мине, ҳәмме мөмин мусылман бенделерге, усы ибадатта, рамазан айында буйырған оразаны, ең бир жақсы дәрежеде тутып, ақыретте аллатаала ўәде қылған саўапларына ерисиўде дуўа етип қаламыз.

А.Жолаўшиев,

Нөкис қаласы «Имам ийшан Мүҳәммәд»

жомъе мешити имам найыбы .

Қарақалпақстан хабар агентлиги.