Алдын хабар берилгениндей, Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси Баслығы Саҳиба Гафарова рәсмий сапар менен Өзбекстанға келди. Бүгин, 1-апрель күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоеваның Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси Баслығы Саҳиба Гафарова менен ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиўде тәреплер Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықларының жоқары пәтин, еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик руўхындағы көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў кеңейип баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өзбекстан ҳәм Әзербайжан басшылары арасындағы ашық ҳәм исенимли қатнасықлар еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўда беккем тийкар болып есапланады.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Әзербайжан түркий тиллес мәмлекетлер шөлкемлеринде белсене қатнасып атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдардағы бирге ислесиў байланыслары избе-из раўажланып, еки мәмлекет нызам шығарыўшы уйымларында дослық топарларының жумыс ислеп атырғанлығы атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги еки тәреплеме келисимлердиң әмелге асырылыўын тәмийинлеў, соның ишинде, парламентлердиң саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық басқа да тараўлардағы биргеликтеги жойбарларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеў бойынша өз-ара бирге ислесиўине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, парламентлердиң жуўапкер комитетлери ҳәм комиссиялары арасында тығыз байланыслар орнатыў, парламент делегацияларының өз-ара сапарларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Тәреплер халықаралық шөлкемлер ҳәм парламентлераралық структуралар шеңберинде байланысларды және де беккемлеў ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаўдан мәпдар екенлигин билдирди. Ушырасыўда өз-ара пайдалы басқа да мәселелер додаланды.

Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси арасында бирге ислесиў ҳаққында келисимге қол қойылды.

М.Комилова, ӨзА