Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов әмелий сапар менен Қырғыз Республикасына барды.

Қырғызстан ҳүкимети баспасөз хызметиниң хабарына бола, уллы мәртебели мийманды Ош халықаралық аэропортында Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң баслығы Ақылбек Жапаров күтип алған.

Бүгин Өзбекстан ҳәм Қырғызстан ҳүкиметлериниң басшылары еки тәреплеме ушырасыў өткереди. Сондай-ақ, Абдулла Арипов Өзбекстан ҳәм Қырғызстан шегаралас ўәлаятлары ҳәкимлери кеңесиниң 4-мәжилисинде қатнасады.

Буннан тысқары, Ақылбек Жапаров ҳәм Абдулла Арипов Боткен ўәлаяты Ләйлек районы Марғун аўылында Өзбекстан тәрепинен қурып берилген орта мектептиң ашылыў мәресиминде видеобайланыс арқалы қатнасады.

Қарақалапақстан хабар агентлиги