Дзюдо бойынша Түркияныӊ Анталия қаласында улыўма сыйлық муғдары 154 000 евроны қурайтуғын «Үлкен Дубылға» турниринде Өзбекстан сайланды командасы қурамынан 7 спортшымыз татамиге шығады.

Атап айтатуғын болсақ, ҳаял-қызлар командасынан 48 кг салмақта Ҳалимажон Қурбонова франциялы Бландайн Пот, 52 кг да Диёра Келдиёрова Қытай Таипейинен Хсуан Лин Хсу, 57 кг да Нилуфар Ермаганбетова  және бир Қытай Таипейли Я Ех , 57 кг да Шукуржон Аминова түркиялы  Хесрет Бозкурт пенен ушырасса, жигитлеримизден 60 кг салмақта Дилшодбек Баратов түркиялы Михрач Аккуш, 60 кг нан Кемран Нуриллаев италиялы Ангело Пантано, 66 кг да Сардор Нуриллаев венесуэлалы Уиллис Гарция менен өз-ара беллеседи.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы