Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Нөкис қаласы бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте өткерилген оператив илажда Нөкис қаласында пуқараны жумысқа киргизип қойыўды ўәде еткен алдаўшы ҳәм оның шериги усланды.

Атап айтқанда, пуқара А.С. пуқара Д.ны танысларының жәрдеминде 3000 АҚШ долларына «Қоңырат регионаллық темир жол узели» унитар кәрханасына жумысқа орналастырып бериўди ўәде еткен. Соннан 1000 АҚШ долларын алған ўақытта усланып, оның көрсетпеси бойынша даўам еткен илаж барысында Қоңырат санаат техникумының директоры М.Т. 1000 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен қолға түседи.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги