Медиа майдан бүгинги күнде жедел раўажланып атырған дәўирде халықты исенимли ҳәм кепилленген мәлимлеме менен тәмийинлеў әҳмийетли. Сонлықтанда, барлық тараўлар сыяқлы суд-ҳуқық тараўында да ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен бирге ислесиўди күшейтиў, суд ислериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин суд арқалы исенимли қорғаў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы судлары тәрепинен 2022-жыл даўамында әдил судлаўды әмелге асырыўдың сапасын жақсылаў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бузылған ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин суд арқалы толық тәмийинлеў бойынша тастыйықланған ҳәрекетлер бағдарламасының 5-бәнтине муўапық, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ушын шөлкемлестирилген гезектеги оқыў семинары  буның айқын мысалы болып табылады.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жуўапкер қәнигелери баянат жасады. Көпшиликке белгили, соңғы ўақытлары журналистика тараӯы тек ғана мәлимлеме тарқатыў емес, ал халықтың санасына тәсир көрсетиў қуралына айланды. Бирақ бул процессте айырым надурыс мағлыўматлар, нызамсыз ис-ҳәрекетлер, жуўапкершиликсиз мүнәсибетте болыў жағдайлары ушырасып атыр. Нәтийжеде бул мәлимлемениң ҳақыйқатлығы ҳәм объективлигин тәмийинлеў мәселесиниң итибардан шетте қалыўына алып келмекте. Әсиресе, айырым журналистлер ҳәм блогерлер тәрепинен инсан қәдир-қымбаты, абырайын сақлаў мәселесине жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атыр. Семинарда мине усы мәселелер сөз етип, биринши гезекте қандай ўақыя яки ҳәдийсе бойынша материал яки мағлыўмат таярлап, оны ғалаба хабар қураллары ямаса социаллық тармақлар арқалы жәриялағанда тек бир тәреплеме емес, ал объектив ҳәм қалыс түрде оның дурыслығы және исенимлилигин тексерип, кейин жәриялаў зәрүрлиги атап өтилди. Себеби, ҳәр қандай материал ямаса мақала артында бир инсан тәғдири, оның абырайы, қәдир-қымбаты, шаңарағы ҳәм жақынлары турғанлығын умытпаў керек. Және қатаң түрде нызам шеңберинде ҳәрекет етиў керек.

Журналистлер менен ашық сәўбет көринисинде өткерилген илаж барысында коррупция жынаяты түсиниги ҳәм оған қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары жөнинде де кең түрде мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, алдағы ўақытлары бирге ислесиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Гүлайым ҒАНИЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы суды бас консультанты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.