– Ертең Жас тамашагөйлер театрында Шекспирдиң  «Ромео ҳәм Жульетта»сы болады. (Ертеректе бул шығарманы жазыўшы Узақбай – аға Пиржанов кәмине келтирип қарақалпақшалаған еди)

– Рас па?..

– Ҳаў, аўа. Оны Аман Қудайназаров еки жыл бурын 8-март ҳаял-қызлар байрамында сахналастырып еди!

– Қандай бийпәрўалық! Сахналарымызда сондай классикалық шығармалар жүрип атырған екен, ўақтында бийхабар қалыппыз. Уят!

Актриса Роза Пиязова менен сәўбеттен.

Кешки саат бестен бурын «ТЮЗ»ға жетип келдим. Адамлар аз еди. Театр хызметкерлериниң жүзинде тәшўиш.

– Спектакльди басламайсыз ба?

– Тамашагөйлер жыйналыңқырасын…

Соның менен асыға күткен картиналар көз алдымыздан өте баслады.

Сахнада Ромео (актер Р.Тилемисов) пайда болды. Аҳ, қаныңдай шоқ ҳәм жас едиң Ромео! Ол енди ғана жетилген, бахыт бағында сайран етип жүрген ҳақ кеўил жигит.

Тосаттан Капулетти (актёр Р.Оразбаев)диң үйинде берилетуғын зыяпаттан хабардар болған шоқ кеўилли Ромео досты Меркуцио (актёр И.Байжанов) менен усы кешеге барады ҳәм…, ҳәм тосаттан көзлери көзлерине тигилген нәзерлер жигит пенен қыздың (Жульетта – актриса И.Сәрсенбаева) жүреклерин пәк муҳаббат сезимлери менен толтырады ҳәм бир қориўден бир өмирге ашық етти! Қулласы, жигит кеўлин өзине ынтықтырған Розалина пүткиллей естен шықты…

Қалған жағын айтпайман. Оны театрға барып өзлериңиз көрип аласыз.

***

Қайтарсын Капулетти ҳәм Капулетти ханым (Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артистлер Жигербай Абдимов, Арзыхан Наўрызова) үшеўимиз бир заман гүрриңлесип қалдық. Ромео менен Жульеттаның биймезгил қазасы бәримизди еле тәрк ете қоймаған. Өмирге қуштар еки жас топаслықтың қурбаны болды!

Бизлердиң әңгимемиз де оншелли қуўыспады. Театрымыздың, көркем өнеримиздиң ҳәзирги аўҳалына азырақ емес, әдеўир жанымыз ашыды…

Режиссер жигит, баяғы жанып турған актер Аман Қудайназаров үйине қарай бағыт алды. Ўақыт деген, қартаймай атырып қолына ҳаса тутқызыпты. Бир аяғы қәсте екен. Операция ислеў зәрүр, депти врачлар.

Театр бинасы көркем, жаңадан қурылған. Бирақ, классикалық ғана емес, өзимиздиң шығармаларды қойыў ушын да театр дәскелери жетиспейди екен.

Театр ушын ең зәрүри – талантлы актёрлар!

Талантлы кексе әўлад та, орта буўын келешигинен үмит қуттиретуғын жас әўлад та бар.

Тек олардың  арқасынан қағатуғын аға, марапатын жеткеретуғын «пресса», дөретиўшилик шыңларына талпындыратуғын тамашагөйлер, жетискенлиги менен кемис-қутығын ўақтында айтып отыратуғын сыншы керек.

Бүгин сол тамашагөй бар еди, олар аз санлы болса да актерларды сахнадан жибергиси келмей, орынларынан турып узақ ўақыт шапалақ урып турды.

Мениң есиме Қәлбийке апа түсти, орнынан бир аўнап түскен шығар, егер бүгин ол да ҳақыйқый Ромеоны –Расулжанын көргенинде меннен бес бетер қуўанышы қойнына сыймай Нөкис көшелерин толтырып, кешки бәҳәр самалынан рәҳәтленип жутқан ҳәм «Эҳе-ҳееей!, адамлар, еситпедим демеңлер, Ромео – бул мениң балам!!!» деп бар даўысы менен кешик Нөкисти жаңлатқан болар ма еди!

Ана әрманын орынлаған Расул!

Бүгин мен Қәлбийке ана болып бар ҳаўазым менен жар саламан:

Бүгин мен ҳақыйқый Ромеоны көрдим!!!

30-март, 2022-жыл. Нөкис қаласы.

Тамара Машарипова, журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги