«Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ тәрепинен тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы ҳәм «Тақыятас» суў тазалаў қурылмасына пресс-тур шөлкемлестирилип, онда тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди, суў тазалаў басқышлары таныстырылды.

Атап өтилгениндей, 2017-жылы республика халқын тазаланған ишимлик суў менен тәмийинлеў 50,8 процентти қураған болса, соңғы бес жылда тараўда әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде, бул көрсеткиш 68,1 процентке жетти.

– «Тақыятас» суў тазалаў қурылмасының ҳәзирги қуўатлылығы суткасына 60 мың м3, «Нөкис» суў тазалаў қурылмасының ҳәзирги қуўатлылығы суткасына 65 мың м3 суўды тазалаў ҳәм халыққа тазаланған ишимлик суўын жеткериўге жетеди,-дейди «Тақыятас» суў тазалаў қурылмасының баслығы М.Жуманов. – Қурылма арқалы Әмиўдәрьяның жеп жағасындағы Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларына тазаланған ишимлик суўы жеткерип бериледи.

Сондай-ақ, ҳәр бир район орайы, елатлы пунктлердеги 226 орында ашық суў ҳәўизлери менен жер асты суў дәреклеринен суў объектлери арқалы пуқараларға таза ишимлик суў жеткерип берилмекте.

Илаж даўамында журналистлер ҳәм блогерлер қурылмадағы суў тазалаўдың домалақ, горизонталь ҳәм фильтрлеў басқышларында, сондай-ақ, тексериў лабораторияларында әмелге асырылатуғын жумыс процесслери менен танысып, дәрьядан келип турған суўдың патаслық дәрежесиниң жоқары болыўы, оны тазалап халыққа тазаланған ишимлик суў жеткерип бериўге байланыслы жумысларда ушырасатуғын бир қатар қыйыншылықлар, машқалалар туўралы да мағлыўматларға ийе болды.

– Қыс мәўсиминде халыққа ишимлик суў жеткерип бериўде машқалалар онша ушыраса бермейди,-дейди М.Жуманов. – Бирақ, мойынлаўымыз керек, бәҳәр мәўсими басланыўы менен, жаз мәўсими тамамланаман дегенше халыққа тазаланған ишимлик суў жеткерип бериўде, суўды заялаўға байланыслы бир қатар машқалалар болып турады. Буның алдын алыў мақсетинде орынларда пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери менен биргеликте үгит-нәсият илажлары да шөлкемлестирилип атыр. Усындай ҳәрекетлерди ислеген пуқараларға түсиник жумыслары алып барылып, жәриймалар да салынбақта. Себеби, айырым пуқаралар тәрепинен усы ўақытта ишимлик ушын берилип атырған тазаланған суўды атыз суўғарыўға, автотранспортларын жуўыўға ямаса басқа да мақсетлерде пайдаланыў көплеп ушырасады.

Енди жақында, жойбар тийкарында қаржы ажыратылса, екинши суў тазалаў линиясын қайта реконструкциялаўды, заманагөй үскенелер орнатыўды ҳәм халыққа тазаланған сапалы ишимлик суў жеткерип бериўди еки есеге арттырып, оны 120 мың м3 қа жеткериўди режелестирип атырмыз. Бул жойбар нәтийжели әмелге асса, халыққа тазаланған ишимлик суў жеткерип бериў әдеўир жақсыланады, деген пикирдемиз.

Илаж қатнасыўшылары суўды үнемлеп пайдаланыў, оның сапасын жақсылаў, ишимлик суўға байланыслы ушырасып атырған айырым мәселелер бойынша өз пикир-усынысларын билдирип,  қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги