Кеше Арқа Америка континетинде усы жылы Қатарда болып өтетуғын жәҳән чемпионаты таӊлап алыў ойынларыныӊ еӊ соӊғы туры болып өтти.

Олардыӊ биринде Мексика сайланды командасы Салвадорды, Коста-рика АҚШлы футболшыларды 2-0 есабында жеӊилиске ушыратты. Бул жеӊистен соӊ Мексикалы футболшылар өз тарийхында избе-из 8 мәрте, ал, улыўма 17-мәрте мундиалға жол алмақта.

Ал, АҚШлы футболшылар болса, бул турда утылғанына қарамастан, қосымша көрсеткишлерге бола Коста-Риканы изде қалдырып, жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

Бул континентте төртинши орынды ийелеген Коста-Рика болса, Океания жеӊимпазы Жаӊа Зеландия менен жәҳән чемпионатына қатнасыў ушын өз-ара гүрес алып барады. Бул командалар арасындағы ойын 13 яки 14-июнь күни болып өтеди.

Буннан алдын КОНКАКАФ тан Канада сайланды командасы биринши болып Қатар жолламасын қолға киргизген еди.

Солай етип, жәҳән чемпионатына қатнасыў ҳуқықына ийе командалардыӊ саны 29 ға жетти. Атап айтатуғын болсақ, Қатар (майдан ийеси), Хорватия, Германия, Дания, Бразилия, Аргентина, Эквадор, Уругвай, Бельгия, Франция, Испания, Сербия, Англия, Швейцария, Нидерландия, Иран, Қубла Корея, Япония, Саудия Арабстаны, Канада, Португалия, Польша, Гана, Сенегал, Марокко, Тунис, Камерун сыяқлы командалар жәҳән чемпионаты қатнасыўшылары сыпатында көпшиликке белгили болған еди.

Еслетип өтемиз, Қатардағы чемпионат 2022-жылдыӊ 21-ноябринен 19-декабрине шекем болып өтиўи режелестирилген.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы