Франция сайланды командасы Қубла Африка Республикасы командасы менен ушырасып, онда 5:0 есабында жеӊиске еристи.

Ушырасыўда франциялылар форварды Килиан Мбаппе дубль ҳәм ассистти өз есабына жаздырып қойып, ол Франция сайланды командасы қурамында избе-из бес ойында еки реттен нәтийжели ҳәрекет ислеген дәслепки футболшыға айланды.

Мбаппе Франция сайланды командасы қурамында 26 гол урған. Бул бойынша дизимди 51 гол менен Тьерри Анри басқарып келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы