Қорғаныў министрлигиниң әскерий бөлимлеринде байрамлар алдынан әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын турақ жай, әскерий бөлимлерде жаңа имаратлар ҳәм объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы дәстүрге айланған.

Жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы – Наўрыз даўам етип атырған усы күнлерде Тақыятас районында жайласқан Қорғаныў министрлигине қараслы әскерий бөлим жаңадан оңланып, пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген салтанатлы мәресимде әскерлер сәркардасы полковник Журъат Якубов және мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Илаж рәмзий ленталарды салтантлы тәризде кесиўден басланды.

Сол күни ықшам ҳәм жақты хызмет ханаларынан ибарат штаб имараты, заманагөй мебель ҳәм үгит-нәсиятлаў қураллары менен үскенеленген китапхана, автосарай, әскерлер жатақханасы, асхана, уллы ата-бабаларымыздың қаҳарманлықлары сәўлелендирилген әскерий тарийх музейи, руўхый турақлылықты тәмийинлеў ханасы, қараўыллар қалашасы, компьютерлестирилген тренажёр ханасы, жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлық ханалары ҳәм спорт майданшалары пайдаланыўға тапсырылды.

Илаж жуўмағында қорғаныў министриниң тийисли буйрығына тийкарланып әскерий бөлимге автомобиль техникасы, бир топар әскерий хызметкерлерге гезектеги әскерий атақ, қымбат баҳалы ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги