Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Нөкис қалалық бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы менен өткерилген оператив илажда пуқара А.С. пуқара Д.ны таныслары арқалы 3 000 АҚШ доллары есесине «Қоңырат аймақлық темир жол узели» унитар кәрханасына жумысқа орналастырып бериўди ўәде етип, соннан 1 000 АҚШ долларын алған ўақтында усланып, оның көрсетпеси тийкарында даўам еткен илажда Қоңырат санаат техникумы директоры М.Т. 1 000 АҚШ долларын алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.

Бул ҳаққында департаменттиң баспасөз хызмети хабар берди.

Анықланған жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28, 211-статьясы (пара бериў) тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.