Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола 29-март күни Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған рәсмий сапар менен елимизге келди.

Еки елдиң мәмлекетлик байрақлары менен безелген Ташкент халықаралық аэропортында Түркия Республикасы Президенти ҳәм оның өмирлик жолдасын Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм өмирлик жолдасы күтип алды.

Атап өтиў керек, Түркия Республикасы Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин биринши болып тән алған. 1996-жылы мәмлекетлеримиз арасында Мәңги дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылған. Халықларымыз көп әсирлик тарийхы, тили, дини, қәдириятлары ҳәм тамырлас үрп-әдетлери менен бир-бирине тығыз байланысқан. Мәмлекетлеримиз арасында өз-ара исеним тийкарындағы дослық қатнасықлар бүгинги күни избе-из беккемленип бармақта.

Түркия жетекшиси мәмлекетимиз басшысы менен «Жаңа Өзбекстан» паркине барып, Мустақиллик монументине гүлшеңбер қойды. Мийманға комплексте сәўлелендирилген тарийх ҳәм мазмун ҳаққында айтып берилди.

Атап өтиў керек, бул сырт ел басшысының сапар етиўи барысында «Жаңа Өзбекстан» паркинде өткерилген биринши усындай мәресим болды ҳәм келешекте дәстүрге айланады.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары Көксарай резиденциясында болып өтти. Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдоған минберге көтерилди. Өзбекстан ҳәм Түркияның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Ҳүрметли қараўыл салтанатлы түрде мәмлекет басшылары алдынан сап тартып өтти.

Мәресимде еки мәмлекеттиң рәсмий делегациялары да болды.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған тар шеңберде сөйлесиўлер өткерди.

Жетекшилер Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы өз-ара ҳүрмет, дослық ҳәм исенимге тийкарланған көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў бойынша пикир алысты.

Ушырасыўда тийкарғы итибар стратегиялық шериклик қатнасықларының дәрежесин арттырыў, еки мәмлекет арасындағы сиясий, парламентлераралық, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў мәселелерине қаратылды.

Кейинги жылларда еки тәреплеме бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлести. Ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлар, аймақлар дәрежесинде турақлы сөйлесиўлер жолға қойылған. Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылмақта.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдоған кооперациялық жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў арқалы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды буннан былай да раўажландырыў Өзбекстан ҳәм Түркия бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдары екенин атап өтти.

Усы мәниде, мәмлекетлеримиздиң үлкен потенциалын ҳәм имканиятларын, соның ишинде, Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия механизминен жедел пайдаланыў арқалы жүзеге шығарыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекет басшылары регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртиби бойынша пикир алысып, мәмлекетлеримиздиң позициялары уқсас екенин атап өтти. Көп тәреплеме халықаралық институтлар шеңберинде бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Буннан соң Жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Түркия Стратегиялық шериклик кеңесиниң екинши мәжилиси болып өтти.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия жетекшисин қутлықлар екен, өз-ара биргеликте жоқары дәрежеге ерисилгени себепли, мәмлекетлеримиз парламентлери, мәмлекетлик уйымлар, исбилермен топарлары ҳәм жәмийетшилиги арасындағы байланыслар беккемленип атырғанынан кеўли толатуғынын билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан көп қырлы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўден мәпдар екенин атап өтти.

Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған мәмлекетлеримиздиң туўысқанлық байланысларына тийкарланған стратегиялық шериклиги барлық тараўларда өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет руўхында раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.

Еки мәмлекет жетекшилериниң рәсмий сапарлары ҳәм турақлы сөйлесиўлери сиясий сөйлесиўди беккемлеўге хызмет етип, нәтийжели әмелий шериклик ушын кең имканиятлар ашты.

Саўда ҳәм инвестиция тараўларында байланыслар жедел раўажланбақта. Соның ишинде, кейинги жылларда өз-ара товар алмасыў 2,5 есеге өсип, 3,6 миллиард доллардан асты. Коспа кәрханалардың саны 5 есеге көбейип, 2 мыңнан асты. Инвестициялық бирге ислесиў көрсеткишлери 70 есеге өсти.

Өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде тәреплер шерикликти, соның ишинде, саўда ҳәм экономика, инвестициялар, транспорт, тоқымашылық, энергетика, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, мәдений-гуманитарлық алмасыў сыяқлы тараўларда буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли бағдарларына ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.

Өзбекстандағы реформалар бойынша бирге ислесиўди беккемлеў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў, илим, билимлендириў, көркем өнер, кино, туризм ҳәм мәлимлеме тараўларындағы шерикликти тереңлестириўге келисип алынды.

Бирге ислесиўдиң көлеми кеңейгенин есапқа алып, тәреплер қатнасықларды жаңа дәрежеге кең көлемли стратегиялық шериклик басқышына алып шығыўға қарар етти.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында Режеп Таййип Эрдоған Шавкат Мирзиёевқа еки тәреплеме Стратегиялық шериклик кеңесиниң гезектеги мәжилисине қатнасыў ушын Түркияға сапар менен барыўға мирәт етти.

Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мәмлекетиимзге сапар етиўи шеңберинде және бир әҳмийетли ўақыя –  Ташкент ўәлаятында заманагөй ыссылық электр станциясын иске түсириў және Сырдәрья ўәлаятында усындай станцияның қурылысын баслаў мәресими болды. Бул жойбарлар Түркияның «Cengiz Enerji» компаниясы тәрепинен әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев мәресимде шығып сөйлер екен, жойбарлардың әҳмийетине тоқтады, бул комплекслер Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы экономикалық бирге ислесиў нәтийжелериниң айқын көриниси екенин атап өтти. Кейинги бир жылдың өзинде түркиялы компаниялар менен биргеликте Өзбекстанның жедел раўажланып атырған экономикасы ушын жүдә әҳмийетли болған 5 ири энергетика жойбарлары әмелге асырылғаны айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, бул станциялардың улыўма қуўатлылығы бүгинги жойбарлар менен қосып есаплағанда 1,4 мың мегаваттқа жетеди.

Өзбекстан энергетика тармағын модернизациялаўдың нәтийжесинде  2026-жылға шекем мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында улыўма нырқы 12 миллиард долларлық 29 жойбардың иске түсирилетуғыны атап өтилди. Олар қосымша 71 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканиятын жаратады, жылына 12 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди.

Мәмлекетимиз басшысы электр станциясын қурыўға қатнасқан инженер ҳәм қурылысшыларға миннетдаршылық билдирди. Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Режеп Таййип Эрдоған рәмзий түймени басып, Қыбрай районындағы ыссылық электр станциясын иске түсириў ҳәм Хавас районындағы ыссылық электр станциясының қурылысын баслап берди.

Қыбрайдағы ЫЭС қуўатлылығы 240 мегаватт болып, жылына 2 миллиард киловатт-саат энергия ислеп шығарады.

Хавас районындағы ыссылық электр станциясы 220 мегаватт қуўатлылыққа ийе, онда жылына 1 миллиард 700 миллион киловатт-саат электр станциясы ислеп шығарылады.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмақланғаннан соң, ҳүжжетлерге қол қойыў ҳәм алмасыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң екинши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша Биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Буннан тысқары, еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрликлери ҳәм уйымлары дәрежесинде көп қырлы Өзбекстан-Түркия бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиўге қаратылған 9 ҳүжжетке қол қойылды.

Соның ишинде:

– Жеңилликли саўда ҳаққындағы келисим;

– Мәмлекетлик шегаралар арқалы товарлар ҳәм транспорт қуралларының өтиўи ҳаққында алдын ала мәлимлеме алмасыў ҳаққындағы билдириў;

– Мийнет ҳәм бәнтлик тараўында бирге ислесиў ҳаққында түсинисиў меморандумы;

– Суд экспертизасы тараўында бирге ислесиў меморандумы;

– Қурылыс тараўында түсинисиў меморандумы;

– Денсаўлықты сақлаў министрликлери арасында 2022-2023-жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер режеси;

– Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен Түркияның «Анадолу» агентлиги арасында Бирге ислесиў келисими.

Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесиниң екинши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткерилди.

Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында халықларымызды Наўрыз байрамы ҳәм жақынласып киятырған Рамазан айы менен қутлықлады. Миллетлеримиздиң тарийхы бир екенине ҳәм бүгинги жақынлығына итибар қаратты.

– Уллы жипек жолының кесилиспелеринде жайласқан журтларымыз әййемнен Азия, Европа ҳәм Африка континентлериниң кәрўан жоллары тутасқан аймақлар сыпатында танылған. Ҳәзир түрк туўысқанларымыз бизден мыңлаған километр узақта жасап атырған болса да тиллеримиз ҳәм кеўиллеримиз оғада жақын. Бизиң тарийхый тамырларымыз бир, бүгинги арзыў-нийетлеримиз де уқсас, – деди Өзбекстан Президенти.

Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңеси байланыслардың раўажланыўына үлкен үлес қосып атырғаны, оның бүгинги мәжилиси қатнасықлар тарыйхында жаңа бет ашқаны атап өтилди.

– Мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслардың ҳәзирги жоқары дәрежесинен келип шығып, қатнасықларымызды кең көлемли стратегиялық шериклик статусына көтериўге келисип алдық, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетлеримиз мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмин раўажландырыў бағдарында тығыз бирге ислесиўден де мәпдар.

Өткен жылы Анқара ҳәм Стамбулда Өзбекстан мәденияты күнлери өткерилген еди. Быйыл Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында Түркия мәденияты күнлерин шөлкемлестириў режелестирилген.

Өзбекстанда түрк тилин үйрениўге қызығыўшылық артып бармақта. Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде түрктаныў факультети нәтийжели жумыс ислемекте.

Жақында Ташкентте барлық түркий халықлардың  уллы мәдений мийрасы болған бийбаҳа дөретпе – «Қорқыт ата китабы» өзбек тилинде толық басып шығарылды. Онлаған дәстанлардан ибарат бул баҳалы китап бабаларымыздың тарийхынан, батырлығынан ҳәм данышпанлығынан дәрек береди.

Мәмлекетимиз басшысы бул китапты Түркия Президентине саўға етти.

– Сизиң сапар етиўиңиз бирге ислесиўимиз ушын жаңа ҳәм жоқары имканиятлар жаратыўға үлкен үлес қосады. Ата журтыңыздың есиклери Сиз ҳәм барлық түркиялы туўысқанлар ушын бәрқулла ашық, – деди Президентимиз.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған Көксарай резиденциясында Ҳүрметли мийманлар қыябанына нәл отырғызды.

Быйыл Өзбекстан менен Түркия арасындағы дипломатиялық байланыслар жолға қойылғанына 30 жыл, Стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылғанына 5 жыл толды. Бул нәл бирге ислесиўдиң раўажланыўында жаңа дәўир басланып атырғаны, уқсас арзыў-нийетлердиң тымсалы болды.

Бул қыябанда басқа да бирге ислесиўши мәмлекетлердиң басшылары еккен тереклер бар.

Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мәмлекетимизге сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖӘНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршысы