Кеше дүньяныӊ барлық континентлеринде жәҳән чемпионаты-2022 таӊлап алыў басқышыныӊ шешиўши ойынлары болып өтти.

Атап айтқанда, Португалия сайланды командасы Порту қаласында Арқа Македониялы футболшылар менен өз-ара ушырасыў өткерип, онда Бруну Фернандештиӊ 32 ҳәм 65-минутларында қарсыласлар дәрўазасына киргизген голлары майдан ийелерин жәҳән чемпионатына алып шықты.

Ал, Польша сайланды командасы болса, Роберт Левандовски ҳәм Петр Зелиньскидиӊ голлары есесине Швецияны жеӊип шығып, Қатар—2022 жолламасын қолға киргизди.

Сондай-ақ, Африка континентинде де жәҳән чемпионаты жолламасы ушын бир қатар ойынлар болып өтти.

Олардыӊ биринде Сенегал өз майданында Египетти өз майданында қабыллап, ушырасыўдыӊ тийкарғы ўақтын 1-0 есабындағы үстинлик пенен жуўмақлаўға еристи. Дәслепки ойын да 1-0 есабы менен тамамланғаны ушын, бул ойынға қосымша еки тайм қосып берилди. Экстра-таймларда да ойындағы есап өзгермегенлиги себепли, төрешилер тәрепинен ойын соӊында пенальтилар сериясы белгиленди ҳәм онда Сенегал 3:1 есабында жеӊиске еристи.

Солай етип Садио Мане басшылығындағы Сенегал Қатар—2022 жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.

Соныӊ менен бирге, Гана сайланды командасы еки ойын нәтийжесине бола Нигериядан үстин келип, және бир жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы