Украиналы аўыр салмақтағы жәҳән чемпионы Александр Усик ҳәм британиялы Энтони Джошуа арасындағы реванш беллесиўи Саудия Арабстанында болып өтеди,- деп мәлимлейди Daily Mail.

Тәреплер еки боксши арасындағы реванш ушырасыўын Лондоннан Саудияға көшириў бойынша өз-ара келисимге келген ҳәм ол 25-июньде болып өтиўи мүмкин.

Көпшиликтиӊ хабары болса керек, буннан алдын 2021-жылдыӊ 25-сентябринде Александр Усик Лондонда Джошуаны жеӊип шығып, оннан Дүнья жүзилик боксшилер ассоциациясы (WBA Super), Дүнья жүзилик бокс шөлкеми (WBO), Халық аралық боксшилер  федерациясы(IBF) ҳәм Халықаралық боксшилер шөлкемлериниӊ (IBO) чемпионы атағын алып қойған еди.

Бул бокс ушырасыўы «Тоттенхэм» клубыныӊ стадионында болып өтип The Ring журналы тәрепинен жыл ўақыясы сыпатында тән алынған еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы