«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында жас қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм билимин жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги «Қәнигеликлерди баҳалаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм мийнет базарын қәнигели кадрлар менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде кәрхананың жанында «Қәнигеликти баҳалаў» ҳәм «Қәнигеликти арттырыў» орайларының хызмети жолға қойылмақта. Жас жумысшылардың билим және тәжирийбесин арттырыў, олардың өз үстинде ислеў ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў бойынша  басшылар тәрепинен бир қатар шараятлар жаратылып берилмекте.

Атап айтқанда, хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў мақсетинде «Дәстүрий өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары» оқыў орайын гезектеги 21 хызметкер табыслы тамамлады.Оларға басшылар тәрепинен сертификатлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги