Бүгин Азия континетинде де футбол бойынша жәҳән чемпионаты таӊлап алыў басқышларыныӊ еӊ соӊғы туры болып өтеди.

Онда Япония – Вьетнам, Иран– Ливан, БАӘ – Қубла Корея, Сирия – Ирак, Оман – Қытай, Саудия Арабстаны – Австралия сайланды командалары өз-ара ушырасады.

Буннан алдынғы турларда Қубла Корея, Иран, Япония ҳәм Саудия Арабстаны мундиал жолламасын қолға киргизген еди. Өз топарында 3-орынды ийелеген австралиялылар болса, плей-оффда қатнасады. Оныӊ қарсыласы Бирлескен Араб Әмирликлери ямаса Ирак сайланды командасы болыўы мүмкин.

Сондай-ақ, Азия командалары арасында Қатар сайланды командасы да бириншилик хожейини сыпатында жәҳән чемпионатында тиккелей қатнасыў ҳуқықына ийе болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы