Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Елликқала районлық бөлими тәрепинен тергеўге шекем тексериў өткерилген.

Белгили болыўынша, Мәмлекетлик кадастрлар палатасының Елликқала филиалының бас инженери А.Р. пуқара М.С.ның улына негизинде болмаған район ҳәкиминиң жалған қарарын тийкар етип 4 сотих жер майданына ийелик етиў бойынша ҳүжжетлерди таярлап берип, есесине 500 АҚШ долларын алған.

Сондай-ақ, А.Р. филиалдың басқа да жуўапкер шахслары менен тил бириктирип, пуқаралардың атына турақ жайлар ушын жәми 9 ҳалатта 42 сотих жер майданына кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестирип, нызамсыз түрде мәмлекетлик дизимнен өткергени анықланған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық), 209-статьясы (лаўазым жалғанлығы) ҳәм 228-статьясы (ҳүжжетлер, штамплар, мөрлер, бланкалар таярлаў, оларды қәлбекилестириў, сатыў ямаса олардан пайдаланыў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги