Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның рәсмий сапар менен елимизге келиўи күтилмекте.

Усы мүнәсибет пенен оның бир қатар мәмлекетлерге белгили болған «Дүнья және де әдил болыўы мүмкин» атлы китабы екинши рет өзбек тилинде басып шығарылды. Мағлыўматларға қарағанда, китап дүньяның көплеген тиллерине аўдарылған ҳәм ҳәр қыйлы мәмлекетлерде көплеген тиражларда басып шығырылған. ӨзАның хабаршысы басылым ҳаққында китап аўдармашысы ҳәм китапқумар пикири менен қызықты.

Китапты өзбек тилине аўдарған дилмаш, филология илимлериниң докторы, профессор Маъруфжон Йўлдошев:

– Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның бул китабы биринши мәрте Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркияға рәсмий сапары алдынан өзбек тилине аўдарылып, басып шығарылған еди. Шекленген муғдарда шыққаны ушын «Жаңа әсир әўлады» баспасы китапты көп санда басып шығарыўды усыныс етти. Китап басып шығарылғаннан берли инглис, араб, немис, француз, орыс, испан сыяқлы көплеген тиллерге аўдарылған ҳәм дүнья китапқумарлары арасында кең оқылған. Енди өзбек китапқумарлары да бул китапты өзбек тилинде оқыў имканиятына ийе болды.

Улыўма, дүньяда бүгин сиясий китапларға, сиясатшылардың дөретпелерине қызығыўшылық үлкен. Режеп Таййип Эрдоған бул китапта глобал сиясат, әсиресе, дүньяның жетекши мәмлекетлери жүргизип атырған сиясат, қашқынлар мәселеси, халықаралық терроризм ҳәм исламға қарсы машқалаларға тоқтап өткен.

Ол Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң нызамшылық, функционаллық, тәсиршеңлик, қамтып алыўшылық, ўәкиллик ҳәм басқарыў машқалаларына және БМШтың Қәўипсизлик Кеңесинде кең көлемли реформалар өткериў зәрүрлиги ҳаққындағы пикирлерди қәлемге алған.

Атап айтқанда, китапта төмендеги қатарларды оқыў мүмкин:

«Балалар өлтирилип атырған дүньяда ҳеш ким бийгүна емес»

«Шәпәәт қәҳәт болып турған заманда бизлерге әдилликтиң тымсалы, ҳүжданлардың ҳаўазы болыўдай жуўапкершилик түспекте».

«Бизиң ақыл-ойымызға бола, дүньяның теңсалмақлылығы, азатлығы ҳәм бахтыярлығы әдиллик пенен ғана қайым болып табылады. Дүньяның және де әдил болыўы ушын да үмит ҳәм исеним беретуғын дүньялық системаға мүтәжлик бар. Барлық кемшиликлерге қарамастан, зәрүрий реформалар өткерилсе, БМШ структурасын бул бағдардағы ең альтернатив шөлкем сыпатында қабыл етиў мүмкин деген пикирдемиз».

«Әдалат, кеўил тоқлығы, исеним, турақлылық тек ғана белгили бир мәмлекетлерде жасап атырған инсанлардың ҳақысы емес. Бүгинги дүньяда жасап атырған 7-8 миллиард инсанның ҳәр бири бул ҳуқыққа, имканиятларға ийе болыўы керек.  Бийгүнә балалардың, ҳаяллардың, инсанлардың қаны нәпәк сиясий есап-санақлар себепли ағыўды даўам етип атырғаны сайын инсанияттың ҳүжданы тыныш таппайды, таба алмайды да». «Әдалат пүткил жәмийетлер ушын улыўма қәдирият болып табылады. Мәденият, цивилизация ҳәм динге ажыратпай барлық жәмийетлик ҳәм сиясий системалар әдилликти орайда тутатуғын системаны жаратыўға ҳәрекет еткен».

Китап филология илимлериниң кандидаты, доцент Абдумурод Тиловов ҳәм мениң қатнасыўымда өзбек тилине аўдарылды.

Аҳрар Назарқўлов, студент, китапқумар:

– Бул китап биринши мәрте түрк тилинде басып шығарылып, жәрияланғаннан берли итибарымды тартқан еди, себеби сиясатшылардың дөретпелери мени қызықтырған. Бүгин «Дүнья және де әдил болыўы мүмкин» дөретпесин өзбек тилинде оқыў имканияты болса мен сыяқлы китап сүйерлер ушын жақсы жаңалық болды. Китап, «Жаңа әсир әўлады» баспасы тәрепинен басып шығарылғаннан соң, оны оқып шықтым. Билиўимше шығарма бүгинги күнге шекем көплеген тиллерге аўдарылған ҳәм дүньяда оғада үлкен тиражларда басып шығарылған. Бирлескен Миллетлер Шөлкемин реформалаў ҳаққындағы пикирлери китапқумарлардың итибарын тартқаны анық. Себеби китаптағы тийкарғы додалаўлар усы мәселе бойынша болғанын бақлаў мүмкин. Дүнья нызамлары қаншелли әдил? Неге бул кең көлемли реформаларға мүтәжлик сезилмекте? Китапта Режеп Таййип Эрдоған усы сыяқлы сораўлар әтирипында пикир жүргизген. Маған ең тәсир еткени балалар ҳәм ҳаялларға байланыслы пикирлери болды.

Китапта усындай үзинди бар: «Балалар өлтирилип атырған дүньяда ҳеш ким бийгүна емес». Китап жүдә тәсирли ҳәм тәбийғый тәризде жазылған. Усылы ҳәм аўдарма тили маған унады. Усындай китаплардың көбирек аўдарма ислениўин қәлеймен.

ӨзАның хабаршысы Мафтуна Каримова сәўбетлести