Усы күнлери Европа ҳәм Арқа Америкада футбол бойынша 2022-жылы Қатарда болып өтетуғын жәҳән чемпионатына таӊлап алыў ойынлары қызғын өткерилмекте.

Торонто қаласында болып өткен гезектеги ойынлардыӊ биринде Канада сайланды командасы Ямайкалы футболшылар менен ушырасып, 4-0 есабында жеӊиске еристи ҳәм Арқа Америка континентинде биринши болып жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

Солай етип, Канада сайланды командасы өз тарийхында 1986-жылдан соӊ және бир мәрте жәҳән чемпионаты қатнасыўшысына айланды.

Ал, АҚШ лы футболшылар болса өз майданында Панама сайланды командасын 5-1 есабында жеӊип шығыўға ерисип, Канадан соӊ Мексика менен биргеликте екинши ҳәм үшинши орынларды  ийелеп тур.

Деген менен, АҚШ лы футболшылар ушын бул жеӊис жәҳән чемпионатына жолламаны толық алып бермейди. Себеби, олар буныӊ ушын 30-март күни Коста-рикалы футболшыларды да жеӊип шығыўы керек. Ал, Мексика болса, Сальвадор сайланды командасы менен өз-ара ушырасады.

Ал, Роналду жетекшилигиндеги Португалия болса бүгин өз майданында Италияны жәҳән чемпионатына қатнасыў ҳуқықынан айырған  Арқа Македония сайланды командасы менен Қатардағы мундиал жолламасы ушын гүрес алып барады.

Сондай-ақ, бүгин Польша-Швеция ушырасыўы да болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы