Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети тараўда әмелге асырылған бир қатар тайынлаўлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Полковник Заитов Зияуатдин Имаматдинович Нөкис қалалық Ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасының баслығы лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем З.Заитов Төрткүл районлық ИИБ баслығы лаўазымында ислеген.

Подполковник Урумбаев Фархад Турсынбаевич Қанлыкөл районлық ИИБ баслығы лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем Ф.Урумбаев Тақыятас районлық ИИБ баслығының биринши орынбасары лаўазымында ислеген.

Подполковник Шеримбетов Махсуд Рустамбаевич Төрткүл районлық ИИБ баслығы лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем М.Шеримбетов Қоңырат районлық ИИБ баслығының биринши орынбасары лаўазымында жумыс ислеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.