Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-март күни денсаўлықты сақлаў тараўында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысы 18-март күни медицина хызметкерлери менен ашықтан-ашық сәўбет өткерген еди. Онда айтылған машқала ҳәм усыныслар бойынша 24-март күни Президенттиң бийлиги қабыл етилип, жети бағдарда ўазыйпа ҳәм жуўапкерлер белгиленди.

Мәжилисте усы бағдарда басланған жумыслар ҳәм айлық режелер көрип шығылды. Бәринен бурын, апрель айында 1 миллион қәўип топарына киретуғын халық, 700 мың бала ҳәм 100 мың ҳәмиледар ҳаялларды мақсетли скринингтен өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ҳәр бир шаңарақлық поликлиникада күндизги стационар, 400 жергиликли шаңарақлық шыпакерлик пункти, алыс аймақларда контейнерлерден 1 мың 700 медициналық пунктин шөлкемлестириўдиң әҳмийети атап өтилди.

Мәҳәлле кесиминде системасында ислеп, сапалы медициналық хызметлерди халыққа жақынластырыў, адамларды саламат турмыс тәризине үйретиў тийкарғы ўазыйпа етип қойылды. Дурыс аўқатланыў, физикалық шынығыўлар, кеселликлер профилактикасы бойынша қолланбалар ислеп шығып, шаңарақларға тарқатыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Тез медициналық жәрдемниң сапасын жақсылаў, алыс аймақларда қосымша бригадалар дүзиў, бул системадағы анестезиолог ҳәм реаниматологлардың айлық мийнет ҳақысына үстеме бериў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына айрықша итибар қаратылды.

Усы жылы инвестициялық бағдарлама шеңберинде медицина мәкемелерин қурыў ҳәм оңлаў жумысларына бюджеттен 1 триллион 200 миллиард сум ажыратылған. Жуўапкерлерге қурылыс жумысларын жеделлестириў, медициналық әсбап-үскенелерге техникалық хызмет көрсетиў системасын жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Ашықтан-ашық сәўбетте республикалық қәнигелескен медицина орайлары жаңа, жоқары технологиялық емлеў усылларын жолға қойыўы зәрүр екенлиги айтылған еди. Мысал ушын, ҳәр жылы «аққан» кеселлиги бойынша 200 ге шекем наўқас дәслепки көшириў операциясына мүтәж. Гематология ҳәм қан қуйыў илимий-әмелий медицина орайында заманагөй шараят жаратыў арқалы бул әмелиятты жолға қойыў мүмкин екени атап өтилди. Бундай жумысларды барлық медицина орайларында шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетлик емлеўханалар ҳәм жеке меншик медицина шөлкемлери ушын бирден-бир тарифлерди тастыйықлаў, жеке меншик клиникаларда да жоллама тийкарында медициналық хызмет көрсетиўди кеңейтиў ўазыйпасы белгиленди.

Мәжилисте тараў жуўапкерлери, шыпакерлер, ҳәкимлер ашықтан-ашық сәўбетте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА