Самарқанд ўәлаятындағы қәнигелестирилген медицина орайлары, абырайлы клиникалардың оннан артық тар тараў қәнигелери Қарақлпақстан Республикасы Нөкис районының халқын тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерди.

Еки күн даўамында самарқандлы жоқары тәжирийбели шыпакерлерге халықты тексериўден өткерип, сексеннен артық наўқасларға, соның ишинде, жүрегинде нуқсаны болған отыз балаға зәрүр емлеў илажлары көрсетилди.

-Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2021-жылы Қарақалпақстан медицина институты базасында ең соңғы  моделдеги медициналық үскенелер менен тәмийинленген клиника шөлкемлестирилген екен,-дейди Самарқанд ўәлаятынан келген шыпакерлер топарының басшысы А.Бобожонов.

-Бул клиникада Республикалық қәнигелескен кардиология илимий-әмелий медицина орайы Самарқанд ўәлаяты филиалының бас шыпакери М.Саидов басшылығында биринши мәрте наўқас балада ашық жүрекке хирургиялық операция иследи. Улыўма, кардиохирург ҳәм кардиореаниматологларымыз тәрепинен төрт қурамалы операция табыслы өткерилди. Ҳәзирги ўақытта наўқаслардың жағдайы жүдә жақсы. Буннан тысқары, самарқандлы нейрохирурглар наўқас баланың мийиндеги 4,5 сантиметрлик қәўипли исикти алып таслады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги