Усы жыл 28-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында жазыўшы ҳәм журналист, жәмийетлик ғайраткер Шарап Уснатдиновтың туўылғанының 80 жыллығына бағышланған «Қарақалпақстан әдебияты ҳәм журналистикасының пидайысы» атамасында еслеў кешеси болып өтти.
Онда жазыўшы-шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, нуранийлар, оқыўшы жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйледи.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында миллий мәдениятымызды, руўхыйлықты ҳәм әдебиятымызды раўажландырыўға, әсиресе, бул бағдарда салмақлы мийнет еткен дөретиўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып, бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылдың Президентимиздиң басламасы менен «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» деп аталаўы, жәмийетимиздиң ҳәр бир ағзасына болған жоқары итибардың үлгиси болып табылады. Әлбетте, инсанның уллылығы-бул, ең дәслеп оның жоқары инсаныйлық пазыйлетлерине ийе болыў менен бирге, халқымыздың алдында ислеген қайырлы ислери менен белгиленеди.
Ҳақыйқатында да, оғада қурамалы дөретиўшилик мийнет мәмлекетимиз тәрепинен, әлбетте, баҳаланады. Буның әмелий дәлийлин Президентимиз тәрепинен халқымыздың дөретиўши перзентлерине болған итибардың мысалынан көриўимизге болады.
Атап айтқанда, елимиз басшысының ««Нураний» фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Шарап Уснатдинов, сондай-ақ, Жаңабай Шылманов, Жалел Муятдинов, Қайыпберген Юсупов сыяқлы ардақлы нуранийларымыз ҳәм мәҳәлле жанкүйерлери өзлериниң ибратлы хызмети менен бәршеге өрнек болып келмекте» деген баҳалы пикирлери халқымызға болған айрықша итибардың нәтийжеси болып табылады.
Халқымыздың әзиз перзенти, өзиниң дөретиўшилик жолына, өз қәлемине, өткир пикирлерине ийе болған белгили журналист ҳәм жазыўшы Шарап Уснатдинов та мине, усындай инсанлардың бири еди. Оның күнделикли турмысымыздың әҳмийетли мәселелерине бағышланған публицистикалық мақалалары менен бирге, көплеген көркем шығармалары халқымыз тәрепинен жыллы-жүзлилик пенен күтип алынды.
Кең жәмийетшилик оны белгили журналист, жазыўшы сыпатында танып қалмастан, елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер сыпатында да айрықша ҳүрмет етеди. Ол қайсы лаўазымда ислемесин, өзин мийнет сүйгиш, излениўшең, терең билимли, шебер шөлкемлестириўши сыпатында таныта алды ҳәм халқымыздың арасында ҳүрмет-иззетке еристи. Әлбетте, бүгинги еслеў кешесинде тамаша етилген ҳүжжетли фильмде оның өмир жолы ҳәм дөретиўшилик табыслары, ораторлық қәсийетлери ҳаққында көплеген мағлыўматлар келтирип өтилди. Солай да болса, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты сыпатында елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында, сондай-ақ, әҳмийетли нызам ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўде ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеўде де белсене қатнасқанлығын айрықша атап өтиў орынлы. Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды, пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәнисин халқымызға түсиндириўде ҳәм оларды кеңнен үгит-нәсиятлаўда пидайылық көрсетти.
Шарап Уснатдиновтың көп жыллық мийнетлери мүнәсип баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист», «Қарақалпақстан халық жазыўшысы» ҳүрметли атақлары, «Эл-юрт ҳурмати», «Фидокорона хизматлари учун» орденлери менен сыйлықланыў бахтына миясар болды.
Бүгинги күни «Билим» баспасы тәрепинен «Мийрас» китабының басып шығарылыўы, «Мәҳәлле» телеканалы тәрепинен ҳүжжетли фильмниң сүўретке алыныўы дөретиўши инсанға болған ҳүрметтиң және бир дәлийли болып табылады.
Кешеде филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов жазыўшы, журналист, жәмийетлик ғайраткер Шарап Уснатдиновтың өмири ҳәм дөретиўшилигине бойынша баянат жасады. Сондай-ақ, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Ғ.Мажид, Өзбекстан халық шайыры У.Әзим, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы К.Каримов ҳәм басқалар жазыўшының дөретиўшилиги, оның шығармаларының әҳмийетине тоқтап өтти.
Еслеў кешесинде жазыўшының шаңарағы атынан қызы Ж.Уснатдинова шығып сөйлеп, республика басшылығына, кеше мийманларына өзиниң терең миннетдаршылығын билдирди.
Илаж көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы