Республикамызда бириншилерден болып Елликқала районында быйылғы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси басланды.

Усы мүнәсибет пенен «Худайберген Эрназаров» фермер хожалығында көргизбели семинар болып өтти. Илажда район ҳәкимлери, тараўға жуўапкер шөлкемлер, пахта кластерлериниң баслықлары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, шигит егисин белгиленген мүддетте сапалы байытыў бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти ҳәм дийқанларымыздың жумысларында табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы 9600 гектар майданға шигит егиў режелестирилген районда егисти шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша таярлық жумыслары алып барылды.   Буның ушын ҳәзирги ўақытта 36 отряд шөлкемлестирилди.

Илажда шығып сөйлеўшилер егис мапазын қысқа мүддетте өткериў бойынша пикир-усынысларын билдирди. Буның ушын қолда бар техникалардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Нураний аталардың пәтиясы менен усы күни дәслепки гектарларға шигит себилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги