Саудия Арабстаны жетекшилик етип атырған Араб коалициясы нефть объектлерине уйымластырылған ҳүжимлерди сапластырыў мақсетинде әмелият баслағанын мәлим етти, деп хабар бермекте Саудияның Al-Ekbariya мәмлекетлик телеканалы коалицияның берген баянатына тийкарланып.
Билдириўде атап өтиўинше, коалицияның мақсети «глобал энергия дәреклерин қураллы ҳүжимлерден қорғаў ҳәм жеткерип бериў шынжырын тәмиийнлеўден ибарат».
Бурынырақ Саудия Арабстаны энергетика министрилиги Жидда арқасындағы нефть өнимлерин бөлистириў станциясына ракета снарядлары және Жизан районындағы «Аль-Мухтар» электростанциясына гранатомётлар қурамында ҳүжим уйымластырғанын тастыйықлаған еди.
Саудия Арабстаны аймағына уйымластырылған ҳүжим ушын жуўапкершиликти яманлы хуситлер жуўапкершиликти өз мойнына алды.
Өткен ҳәптеде патшалық ҳүкимети 82 адамды өлим жазасына ҳүким еткен еди, олардың арасында үш яманлы әскерий тутқынлар да болған.
Хуситлердиң ҳүжими Саудияның усы жазалаўына жуўап екени айтылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги