Ташкент халықаралық инвестиция форумының екинши күнинде де түрли мәмлекетлер экспертлериниң қатнасыўында көплеген сессия, ушырасыў ҳәм дөгерек сәўбетлери болып өтти.

Жоқары дәрежедеги конференция шеңберинде сырт елли инвесторлар тәрепинен бир қатар бағдарларда әҳмийетли усыныслар алға қойылды. Илажда ҳәр қыйлы темадағы, жасыл энергиядан инновациялық санаатқа шекем, аўыл хожалығынан экономика тармақларын санластырыўға шекемги әҳмийетли мәселелер додаланды.

Форум шеңберинде улыўма баҳасы 7 миллиард 833 миллион доллар муғдарында 164 шәртнамаға қол қойылды. Келисимлердиң 97 си инвестициялық, 67 си саўда келисими. Сырт елли инвесторлар, ири сырт ел компаниялары, министрликлер ҳәм уйымлар менен жергиликли кәрханалар арасында дүзилген бул шәртнамалар арқалы мәмлекетимиздиң раўажланыўына хызмет ететуғын бир қатар жойбарлар әмелге асырылады.

«Реформалар өткериўде экономикалық турақлылықты сақлаў», «Яғный билимлендириў ҳәм 50+келешек» сыяқлы әҳмийетли темалардағы дөгерек сәўбетлери, «Орайлық Азияның инвестициялық потенциалы», «Қаржы базары – базарды раўажландырыў драйвери сыпатында», «Аўыл хожалығы санааты ушын жаңаланған өндирис ҳәм жаңа базарлар», «Транспорт-логистика инфраструктурасының раўажланыўындағы жаңа басқыш», «Усақлап сатыў саўдасының санлы трансформациясы» темаларында панельли пикир-таласлар қызғын додалаўлар майданына айланды.

В2В ҳәм В2G форматындағы сөйлесиўлерде исбилерменлер әҳмийетли мәселелерди жүзбе-жүз шешиў имканиятына ийе болды. Өзбекстанлы қатнасыўшылар тәрепинен аймақларымыздың инвестициялық потенциалы бойынша презентациялар көрсетилди.

Илаж шеңберинде болып өткен, 300 ден аслам қытайлы инвестор, 200 ден көп жергиликли исбилерменлер қатнасқан Өзбекстан – Қытай инвестиция форумында, тийкарынан санаат кооперациясында инновациялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.

– Өзбекстан – Қытай инвестиция форумы ҳәр еки тәрепте де үлкен қызығыўшылық оятты, – деди мәмлекетимиз инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары Азиз Воитов. – Қатнасыўшылардың дыққат орайында болған фармацевтика, денсаўлықты сақлаў, санластырыў бағдарлары бойынша Қытайдың ири компаниялары мәмлекетимизде әмелге асырыўды режелестирип атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет арасындағы саўда айланысы 7,4 миллиард доллардан артқан. Бул алдынғы жылларға қарағанда еки есеге көп. Усы күнге шекем республикамызға 8 миллиард доллардан аслам ҚХР инвестициясы тартылды. Бүгинги күнде мәмлекетимизде еки мыңға шамалас Қытайдың қатнасыўындағы компания жумыс алып бармақта.

Форумның екинши бөлиминде биргеликте инновациялық санаат жойбарларын әмелге асырыўға келисилди. Келешекте биргеликте ислеп шығарылған өнимлер тек ғана қоңсы мәмлекетлерге емес, ал алыс шет мәмлекетлерге де экспорт етиледи.

Бир сөз бенен айтқанда, биринши Ташкент халықаралық инвестициялық форумы стратегиялық басламаларды додалаў ҳәм әмелге асырыў ушын жаңа майдан ўазыйпасын атқарды. Ең әҳмийетлиси, халықаралық бизнес жәмийетшилигине Өзбекстанның үлкен пайдаланылмаған потенциалын, мәмлекетимиздиң қолайлы инвестициялық имканиятларын көрсетти.

Гўзал САТТОРОВА,

Улуғбек МАҲМИРЗАЕВ,

Бехруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршылары