Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы «Майыплығы болған инсанларға көрсетилип атырған медициналық-социаллық хызметлердиң сапасын және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында, мектепке шекемги ҳәм қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәлим-тәрбия алып атырған еситиў қәбилети төмен балаларды заманагөй еситиў аппаратлары менен тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар да белгиленген.

Усы қарарға муўапық Өзбекстан Республикасы «Замин» фондының «Еситиўди қәлеймен» атлы жойбары «Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў» агентлиги менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң еситиў қәбилетинде нуқсаны бар балалары ушын ҳәр бири 4 миллион сумлық  30 дана еситиў аппараты бийғәрез жәрдем сыпатында келди.

Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги ўәкиллериниң қатнасыўында усы еситиў аппаратлары өз ийелерине тапсырылды.

Арнаўлы қәнигелер тәрепинен Республикалық Аралбойы регионы балалары ушын «Имкон» реабилитация орайына ийе болған қәнигелестирилген көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, Нөкис қаласындағы 26-санлы ҳәм Шымбай районындағы 24-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң еситиў қәбилетинде нуқсаны бар  балалардың ҳәр бири өз алдына  тексерилди.

Оларға берилип атырған аппаратлар техникалық жақтан қайта тексериўден өткерилип, ҳәр баланың еситиў жағдайына бола муўапықластырылды. Еситиў аппаратын дурыс пайдаланыў бойынша балалардың ата-аналарына, тәрбияшы педагогларға тийисли мәсләҳәтлер берилди.

Бийпул берилип атырған бул заманагөй аппаратлар балаларға жәрдемши үскене хызметин атқарыў  менен бирге, оларға сапалы билим алыўында ҳәм жәмийетке араласыўына үлкен жәрдем береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги