Бүгин таӊда Қубла Американыӊ бир қатар мәмлекетлеринде футбол бойынша жәҳән чемпионатына таӊлап алыў ойынлары болып өтти.

Бразилияда болып өткен ойында Неймар  жетекшилигиндеги футбол жулдызлары Чили сайланды командасы менен өз-ара ушырасты ҳәм мийманлар дәрўазасына жуўапсыз 4 гол жоллап өз жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи. Бул ойында бразилиялылардан Неймар 44, Винисиус Жуниор 45, Филиппе Коутиньо 72 ҳәм Ришарлисон 90-минутларда өз есабына гол жаздырып қойыўға еристи.

Ал, Уругвай сайланды командасы болса  Жоржиан де Араскаэтаныӊ голы есабынан Перуди жеӊилиске ушыратты ҳәм бул жеӊис Уругвайға мундиал жолламасын инам етти.

Чили ҳәм Перудиӊ бул турда жеӊилиске ушыраўы Эквадор сайланды командасына жәҳән чемпионаты жолламасын алып берди.

Буннан алдынғы турларда Бразилия, Аргентина сайланды командалары Қатар жолламасын қолға киргизген еди. Енди бул континетте жәҳән чемпионатына барыў ушын бир жоллама ғана қалып тур ҳәм буған Перу, Колумбия  ҳәм Чили даўагерлик етпекте.

Сондай-ақ, бул турда Колумбия  Боливияны  3:0,  Парагвай болса Эквадорды 3:1 есабында жеӊилиске ушыратты.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы