Қарақалпақстан халық жазыўшысы «Эл-юрт ҳурмати» ҳәм «Фидокорона хизматлари учун» орденлериниӊ ийеси  Шарап Уснатдинов егер арамызда болғанында быйыл сексен жасқа шыққан болар еди.

Әттеӊ, «жазмыштан озмыш жоқ» дегениндей әжел наймыт оны арамыздан ертерек алып кетти. Бирақ, Шарап ағаныӊ ушырма сөзлери, жазып қалдырған көркем-әдебий ҳәм публицистикалық мийнетлери  халқымыздыӊ ийгилиги жолында хызмет етип келмекте.

Жақында «Билим» баспасы тәрепинен жазыўшыныӊ Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамыныӊ ағзасы  Раўаж Отарбаевтыӊ  Шарап Уснатдиновтыӊ 80 жыллық юбилейине бағышланып «Салмақлы сөз айтыў бахты» атлы китапшасы баспадан шығарылды.

Бул китапшада автордыӊ «Салмақлы сөз айтыў бахты» эссеси менен «Қәлемге садық жасаў» мақаласы орын алған.

Сондай-ақ, китапта Ш.Уснатдиновтыӊ қәлемине тийисли публицистикалар, эсселер, мақалаларға шолыў берилип, оныӊ әҳмийети ҳаққында сөз етиледи

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы