Жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамы мүнәсибети менен жәрдемге мүтәж шаңарақларға республикалық «Сақаўат ҳәм көмек» фонды тәрепинен ажыратылған азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Байрам күнлеринде түрли қайырқомлық илажларын өткериў, кекселерге ҳүрмет, жәрдемге мүтәж инсанлардың ҳал-жағдайынан хабар алыў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден есапланады. Атап айтқанда, Төрткүл районы «Мәҳәлле» қойырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими, сектор хызметкерлери, орынлардағы ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте 37 пуқаралар жыйынындағы 300ден аслам шаңарақтан хабар алынды. Олардың ҳәр бирине 225800 сумлық азық-аўқат өнимлери берилди.

Бундай қайырқомлық илажлары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги