Өзбекстан Республикасы Президенти  Шавкат  Мирзиёевтиң денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен ашық сөйлесиў тәризиндеги ушырасыўда шығып сөйлеген сөзи

Ассалаўма әлейкум, әзиз дослар!

Ҳүрметли медицина тараўы ўәкиллери, мәжилис қатнасыўшылары!

Елимизде гөззал бәҳәр нәпеси гезип жүрген мине усы жақты күнлерде – Наўрыз байрамы алдынан медицина тараўының жанкүйер ўәкиллери болған сиз, қәдирли ўатанласларымыз бенен дийдарласып турғанынан оғада қуўанышлыман.

Турмыс ҳақыйқатлығы соны көрсетеди, тек ғана саламат халық, бәркамал миллет уллы ислерди ислей алады.

Ел-журтымыз әзелден шыпакерлерди инсан саламатлығын сақлаў сыяқлы ийгиликли ҳәм саўап иске пүткил барлығын бағышлаған пидайы инсанлар, деп биледи ҳәм ҳәмийше қәдирлейди. Себеби адамлар сизлерге өзлериниң ең бийбаҳа байлықларын – өмирлерин исенип тапсырады. Уллы бабамыз Әбиў Әлий ибн Синаның «Инсанның дәртине дәрман болыў – уллылықтың ең жоқарғы үлгиси», деген сөзлери де бул пикирди тастыйықлайды.

Түпкиликли реформаларымыздың дәслепки күнлеринен баслап биз халқымыздың денсаўлығын беккемлеўге ең әҳмийетли ўазыйпа деп қарап келмектемиз. Өткен бес жылда бул бағдарда үлкен жумысларды әмелге асырдық, алдыңғы сырт ел жетискенликлерин үйренип, жеткиликли тәжирийбе топладық. Келеси бес жылда да халқымызды сапалы ҳәм тәжирийбели медициналық хызмет пенен тәмийинлеў, саламат турмыс тәризин кеңнен енгизиўди Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының ең әҳмийетли бағдары сыпатында белгилеп алдық.

Бүгин сизлер менен денсаўлықты сақлаў тараўының жағдайы, оны раўажландырыў мәселелери, системадағы әҳмийетли машқалаларды ашық-айдын додалап, гезектеги ўазыйпаларды анықлап аламыз.

Мен ҳәр сапары аймақларға барғанымда, әлбетте, медицина мәкемелерине кириўге, шыпакерлер менен ушырасыўға ҳәрекет етемен. Бирақ сизлер менен мине усындай кең орталықта, ашық сөйлесиў тәризинде биринши мәрте көрисип турмыз.

Бүгин тараўдағы жетискенликти – жетискенлик, кемшиликти – кемшилик деп айтып, системадағы «кеселликлер»ге дурыс диагноз қойып, олардың даўасын табыўға ҳәрекет етиўимиз зәрүр.

Медицина сондай тараў, оған байланысы болмаған инсанның өзи жоқ. Ҳәммемиз де тири жанбыз, медицина мәкемелерине күнде-күнара мүрәжат етпеген адамды табыў қыйын.

Бәршемизге белгили, адам денсаўлығы болмаса, оған жумыс та, материаллық байлықлар да, өмир қуўанышлары да татымайды. Сонлықтан өз пуқараларының денсаўлығын қорғаў, күшли ҳәм нәтийжели медицина системасын қәлиплестириў – халықшыл мәмлекеттиң ең тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып табылады.

Әлбетте, аўырыўды өтлестирип емлегеннен көре, оның алдын алған ҳәр тәреплеме абзал. Имам Мотуридий ҳәзиретлериниң «Өмирдиң қәдирине денсаўлықта жеткил», деген сөзлеринде терең мәни бар.

Елимизде ҳәр күни жаңа перзентлер дүньяға келмекте. Халқымыздың саны ҳәзирги ўақытта 35 миллионнан асты.

Бул өз гезегинде, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўды, бәринен бурын, медицина тараўында алып барылып атырған жумысларымызды пүткиллей жаңа басқышқа көтериўди талап етеди.

Бул бағдарда өткен дәўирде көп жумысларды  әмелге асырып, салмақлы нәтийжелерге еристик. Бирақ еле бир қатар машқалалар, кемшиликлер өз шешимин күтип тур. Сонлықтан тараўдағы жағдайды сын көзқарастан талқылап, жүзеге келген машқалаларды системалы шешиўдиң ўақты-сааты келди, деп ойлайман.

Ҳүрметли денсаўлықты сақлаў хызметкерлери!

Сизлерге белгили, соңғы жылларда медицина тараўына ажыратылып атырған қаржылардың көлеми кескин кеңейтилди. Соның ишинде, 2022-жылдың өзинде тараўға бюджеттен 24 триллион сум ямаса 2016-жылға салыстырғанда 4 есе көп қаржы қаратылды.

Өткен бес жылда емлеўханалар ҳәм тез медициналық жәрдем пунктлерин дәри-дәрмақ, медицина буйымлары менен тәмиийнлеўге ажыратылып атырған қаржылар 12 есеге көбейтилди. Усы дәўирде денсаўлықты сақлаў системасын жақсылаўға халықаралық финанс шөлкемлеринен 700 миллион доллардан аслам қаржылар тартылды.

Булардың есабынан не өзгерди?

Бәринен бурын, басланғыш медицина буўынын пүткиллей жаңа көзқараслар тийкарында түпкиликли өзгертиўге киристик. Бул бағдарда өткен жылдан баслап ҳәр бир мәҳәлледе «үйме-үй» жумыс ислейтуғын медицина бригадалары шөлкемлестирилди. 2021-жылдан баслап басланғыш буўында халықты 66 түрдеги дәри препаратлары менен бийпул тәмийинлеў жолға қойылды. Ҳәзирги ўақытта аязлаў, қан басымы, жүрек услаўы, қантлы диабет, асқазан ҳәм дем алыў жоллары кеселликлерин емлеў ушын ең зәрүр дәрилерди адамлар артықша әўере болмай, шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм поликлиникалардан алмақта.

Халыққа сапалы медициналық жәрдемди кеңейтиў мақсетинде басланғыш системаға 20 мың орта медицина хызметкерлери қосылды. Сондай-ақ, аўылларда жайласқан 801 шаңарақлық поликлиника жаңа заманагөй «УЗИ» ҳәм «ЭКГ» аппаратлары менен тәмийинленди. Сол арқалы аўыл ҳәм мәҳәллелерде 8 түрдеги жаңа медициналық хызметлер жолға қойылды. Соның ишинде, саламатлық көрсеткишлери бойынша қәўипли топарға кирген 12 миллион халықты мақсетли скринингтен өткериў басланды. Булардың бәри, өз гезегинде, сапалы медициналық хызметлерди «мәҳәллеге шекем түсириў» бойынша әҳмийетли қәдемлер болды.

Буннан тысқары, жоқары маманлықты ҳәм технологияларды талап ететуғын медициналық хызметлердиң көлеми де кеңеймекте. Бәринен бурын, аймақларда 23 республикалық қәнигелескен медицина орайының жүзден аслам филиаллары өз жумысын баслады. Нәтийжеде бурын пайтахтта әмелге асырылған 210 түрдеги операция ҳәм диагностика процесслерин жергиликли емлеўханаларда өткериў мүмкиншилиги жаратылды.

Соның менен бирге, 130 түрдеги хирургиялық операциялар ўәлаятлық емлеўханаларда, 60 түри болса районларда биринши мәрте жолға қойылды. Кейинги бес жылда 200 түрдеги жаңа хирургиялық операция енгизилгени, соның ишинде, бүйрек ҳәм баўыр трансплантациясы республикамыз емлеўханаларында жолға қойылғаны айрықша итибарлы болып табылады. Мысалы, пайтахтымызда ҳәм аймақларда өткерилген бүйрек трансплантациясы арқалы усы күнге шекем 700 ге шамалас пуқараларымыздың өмири сақлап қалынды.

Ҳәммеңиз жақсы билесиз, бурынлары да ҳәр жылы мыңлаған ўатанласларымыз даўа излеп шет елге барыўға мәжбүр еди. Көз алдыңызға келтириң, адам өзи аўыр кесел болса, қанша ўақыт, қанша қаржы жумсағанынан тысқары, жанын да қәтерге қойып, жат еллерде сергиздан болып жүретуғын еди.

Енди жаратылған жаңа шараятлар менен имканиятлардың есабынан бурын сырт елде исленген қымбат операциялар өзимиздиң шыпакерлер тәрепинен әмелге асырылып атырғаны, әлбетте, үлкен жетискенлик.

Ақыры, бир адамның дәртине даўа таўып, денсаўлығын тиклесек, өмирге қайтарсақ, бул – пүткил шаңарақтың бахтын, келешегин тәмийинлеў дегени емес пе?

Хабарыңыз бар, жақынға шекем мүтәж шаңарақтың республикалық медицина орайларында емлениўи ушын «ордер»лер қағаз формасында жүргизилип, көпшилик жағдайларда таныс-билислик тийкарында берилип келингени ҳеш кимге сыр емес.

Соның менен бирге, «ордер» ушын қаржылар республикалық медицина орайларына наўқас келсин-келмесин, оның муғдары жеткиликли ме жоқ па, оған қарамастан ҳәр жылы өткерилип келинген. Ақыбетинде ҳақыйқый емлениўге мүтәж халық емлениў ушын жыллап нәўбетте турған бир ўақытта айырым орайлар нәтийжесиз қаржыландырылып келинген. Биз бундай әмелияттан толық ўаз кешип, мүтәж халық ушын республикалық медицина орайларында хызмет көрсетиўдиң ашық-айдын, жаңа системасына өттик.

Енди қәнигелескен орайларда бийпул емленетуғын кеселликлердиң дизими қәлиплестирилип, медициналық жәрдем ушын жоллама ҳақыйқый зәрүрлиги бар халыққа «электрон нәўбет» тийкарында берилмекте. Ең әҳмийетлиси, бул системаға тийкарынан қаржылар орайға емес, ал емлениўи зәрүр болған анық наўқасқа ажыратылмақта.

Мысалы, алдын туўма кемшилиги бар балаға операция ушын республика орайына 3 миллион сум ажыратылған. Қалған 20-30 миллион сумлық қәрежетти болса ата-анасы көтериўге мәжбүр болған. Енди болса, бул операция ушын зәрүр қаржы мәмлекет тәрепинен толық қапланбақта ҳәм ҳәр бир наўқас ушын мәнзилли ажыратылмақта.

Медицина системасындағы ең үлкен өзгерислерден және бири – мәмлекетлик емлеўханалар менен бирге жеке меншик медицина да раўажланбақта. Мәселен, бурын бундай хызметлер тек ғана стоматология бойынша көрсетилген болса, ҳәзир жеке меншик клиникалар дерлик барлық бағдарларда жумыс алып бармақта ҳәм олардың саны 8 мыңға жетти.

Жеке меншик медицина ушын салық ҳәм бажыхана жеңилликлери, субсидияларды камтып алған қоллап-қуўатлаў системасы енгизилди. Нәтийжеде бир ғана салық жеңилликлериниң есабынан соңғы бес жылда жеке сектордың есабында 1,3 триллион сум қаржы қалды.

Барлық тараўларда болғаны сыяқлы медицинада да барлық мәселелерди тәжирийбели кадрлар шешеди. Бул бағдарда уллы илимпаз Гиппократтың «Медицина –  барлық илим ҳәм өнерлер ишинде машақатлысы ҳәм мақтанышлысы», деген сөзлери әйне ҳақыйқат. Сонлықтан бүгин медициналық билимлендириў мәкемелериниң санын көбейтиў, оларда терең билимге ҳәм тәжирийбеге, жоқары этикалық характерге ийе болған кадрлар таярлаўға айрықша итибар берип атырмыз. Мысалы, соңғы бес жылда 6 жаңа медициналық жоқары оқыў орны шөлкемлестирилип, олардың улыўма саны 14 ке жеткерилди, қабыллаў квотасы болса 4 есеге артты.

Аймақларды маман қәнигелер менен кепилликли тәмиийнлеў мақсетинде ўәлаят буйыртпасына тийкарланып мәнзилли оқыўға қабыллаў жолға қойылды, алыс ҳәм шетки аўылларға жумысқа баратуғын питкериўшилер ушын «Аўыл шыпакери» бағдарламасын әмелге асырыў басланды. Сондай-ақ, 1,5 мың шыпакер абырайлы сырт ел клиникалары менен университетлеринде маманлығын арттырды.

Усы жерде денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформаларымызды қоллап-қуўатлап, бизге әмелий жәрдем берип киятырған ҳәм бүгинги әнжуманымызға қатнасып атырған Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, Германия раўажланыў банки, ЮНИСЕФ, ЮСАИД, КОВАКС, ЖАЙКА, ТИКА, КОЙКА, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Саудия раўажландырыў қоры ҳәм көплеген басқа да бирге ислесиўши шөлкемлердиң ўәкиллерине шын жүректен миннетдаршылығымды билдирмекшимен.

Қәдирли дослар!

Биз бүгинги сөйлесиўди өткериўге пуқта таярлық көрдик, ҳәм шыпакерлердиң, ҳәм наўқаслардың пикирлерин тыңладық.

Кең жәмийетшиликтен, халықаралық эспертлерден көплеген пикир-усыныслар алдық. Шөлкемлестирилген «Cаll-орай»ға 25 мыңнан аслам мүрәжатлар келип түсти. Олардың арасында айрықша әҳмийетке ийе болған және бир мәселе көтерилген болып, руқсатыңыз бенен дәслеп соған тоқтап өтпекшимен. Бул мәселе денсаўлықты сақлаў системасының ҳуқықый тийкарларын раўажландырыў, халықтың, әсиресе, миллетимиздиң, халқымыздың генофондын сақлаўды конституциялық тийкарда өз алдына қорғалатуғын тараўға айландырыў менен байланыслы.

Бәршеңизге белгили, бүгинги күнде инсан ҳәм оның нызамлы мәплери және коституциялық ҳуқықлары Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли ҳәм избе-из реформалардың орайына қойылмақта. Инсан, оның өмири, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қол қатылмайтуғын ҳуқықлары жәмийетимизде жоқары қәдирият есапланады.

Әмелдеги Конституциямыздың 40-статьясында: «Ҳәр бир адам қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықына ийе», деп белгилеп қойылған. Биз халқымыздың денсаўлығын сақлаў тараўында үлкен мақсет ҳәм ўазыйпаларды алдымызға қойып атырған ҳәзирги шараятта бул конституциялық статьяның өзи жеткиликли емес.

Бүгин заман бизден медицина системасының конституциялық тийкарларын еле де беккемлеўди талап етпекте. Сол ушын Тийкарғы нызамымызда миллий денсаўлықты сақлаў системасын халықтың саламатлығын сапа жағынан жақсылаўға хызмет ететуғын жоқары маманлықтағы заманагөй тараўға айландырыў мәселеси де, әлбетте, тиккелей әмел ететуғын конституциялық қағыйда сыпатында өз көринисин табыўы зәрүр.

Өзбекстан пуқаралары нызамда, бәринен бурын, Конституциямызда белгилеп қойылған кепилликли медициналық жәрдем түрлеринен бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе. Усы мақсетте биз ҳәр қыйлы медициналық қамсызландырыў формаларын раўажландырыў ушын конституциялық тийкар жаратыўымыз керек.

Мәмлекет ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар алдындағы жуўапкершиликти аңлаған ҳалда, қоршаған орталықты сақлаўға қаратылған нәтийжели илажларды әмелге асырыўы шәрт. Себеби, сап ҳәм таза экологиялық орталықсыз халықтың денсаўлығын ҳәм миллеттиң генофондын сақлаў ҳаққында сөз етиўден мәни жоқ. Бул туўралы айтқанда, мен бәринен бурын, бүгинги күнде экологиялық апатшылықтан зыян көрип атырған Аралбойы регионы ҳаққында ойлайман.

Ҳәзирги ўақытта экология тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ақыбетинде пуқаралардың денсаўлығына келтирилген зыянды қаплап бериў миннетлемесин мәмлекет өз мойнына алыўы керек. Бул да Бас нызамымызда анық белгилениўи зәрүр.

Соның менен бирге, Конституциямызда медицина хызметкерлериниң жоқары статусын тәмийинлейтуғын қағыйданы да мөрлеп қойыўымыз керек.

Мүрәжатларды талқылайтуғын болсақ, олардың 8 мың 400 и ямаса 32 проценти жеке мәселелерге байланыслы болып, бүгинги күнге шекем олардың  90 проценти шешилди. Қалғанлары да қысқа мүддетлерде өз шешимин табады.

Соның менен бирге, медицина хызметкерлери ҳәм халқымыз тәрепинен келип түскен мүрәжатлардың  68 проценти ямаса  17 мыңы системалы мәселелер болып есапланады. Мысалы, айырым медицина мәкемелери халық ушын узақ ҳәм қолайсыз жайласқан.  3 мыңнан аслам мәҳәлле халқы шаңарақлық шыпакерлик пунктине барыўы ушын 10 километрден  75 километрге шекем жол басыўға мәжбүр болмақта. Медициналық хызметлер халықтың талабына, аймақлардағы адамлардың турмыс тәризине, белгили бир кеселликлердиң көбейиўине қарап белгиленбеген.

Мәселен, Қашқадәрьяда жүрек-қан тамыр кеселликлери биринши орында болып, ҳәр жылы кеминде 10 процентке артпақта. Бирақ кардиологлар штаты ҳәм емлеўхана орынларының саны кейинги 20 жылда өзгериссиз қалмақта.

Басланғыш буўында 70 процент медициналық әспаб-үскенелер ескиргени себепли көрсетилип атырған медициналық хызметлер төменлигинше қалмақта. Шыпакерлердиң айлық мийнет ҳақысы жумыс нәтийжелилигине қарап емес лаўазымлық тариф сеткасына қарап белгиленген. Билимлендириў ҳәм әмелият бир-биринен үзилип қалған, медициналық билимлендириў орынларында питкериўшилердиң көпшилигинде жумыс ислеўге зәрүр әмелий көнликпе жетиспейди.

Мине, усындай кемшиликлер себепли халық медицина системасынан еле толық разы емес. Сол ушын мүрәжатларда келтирилген мәселелерди терең үйренип, оларды системаластырып,  7 әҳмийетли бағдар бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шықтық. Ҳәр бир бәнт бойынша анық қаржы дәреклери, техникалық шешимлер ҳәм әмелий механизмлер белгиленди.

Биринши бағдар – мүрәжатлардың 55 проценти басланғыш медициналық хызметлерди халыққа жақынластырыў ҳәм олардың тармағын кеңейтиў менен байланыслы.

Мысалы, Каттақорған районындағы «Жизмон» мәҳәллесиниң халқы медициналық хызметлер ушын  48 километр аралықты басып, район орайына барыўға мәжбүр болмақта. Вабкенттеги 3 мыңнан аслам халық жасайтуғын «Базар жайы» мәҳәллесинде шаңарақлық поликлиника жоқ. Алыс ҳәм шетки аймақлардың халқы шаңарақлық шыпакерлик пунктлеринде врачлар жетиспеўшилиги себепли зәрүр медициналық хызметлер алыў имканияты жоқ екени ҳаққында шағым еткен. Ҳақыйқатында да, 56 райондағы 243 алыс ҳәм шетки мәҳәллелерде 562 шыпакер лаўазымы вакант болып тур.

Ямаса Мыңбулақ районындағы 4 шаңарақлық шыпакерлик пункти хызметкерлери ҳәр ҳәптеде  10 километрден узақ аралықта жайласқан 15 мәҳәлледеги 750 наўқастың үйине барып, оларды тексериўден өткериўге мәжбүр болмақта. Өйткени, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысына бола, басланғыш медициналық хызмет пункти 3 километр узақлықта ямаса пияда барылса 20 минутлық аралықта жайласқан болыўы керек.

Сонлықтан орынларда пуқарларымызға тез, қолайлы ҳәм сапалы медициналық хызметлерди көрсетиў бойынша мәнзилли илажларды әмелге асырамыз. Соның нәтийжесинде  85 процент машқалаларды басланғыш медициналық мәкемелерде шешетуғын система жаратылады.

Бәринен бурын, орынларда поликлиникалар тармағы және де кеңейтиледи. Соның ишинде, 2022-жылы 136 ҳәм 2023-жылы және 140 жаңа поликлиниканың жумысы жолға қойылады. 2023-жылдан баслап орынлардағы поликлиника филиаллары негизинде 1 мың 100 шаңарақлық шыпакерлик пунктлери дүзиледи. Сол тәризде дерлик 1 миллион халық медициналық хызмет пенен қамтып алынады.

Сондай-ақ, 2 мыңнан аслам алыс ҳәм шетки мәҳәллелерде медициналық пунктлер шөлкемлестириледи. Олар арқалы усы мәҳәллелерде  4 миллион халыққа басланғыш медициналық хызмет көрсетиў жолға қойылады.

Хабарыңыз бар,  2021-жылдан баслап басқа жерден алыс ҳәм шетки аймақларға кеминде үш жыл ислеп бериў ушын келген шыпакерлерге 30 миллион сум муғдарында бир мәртелик хошаметлеў пулын төлеў, оларды хызмет үйи менен тәмийинлеў ямаса ижара төлемлерин бюджеттен қаплап бериў системасын енгизген едик.

Енди «Аўыл шыпакери» бағдарламасы және де жетилистириледи ҳәм  2022-жыл 1-майдан баслап алыс ҳәм шетки аймақларда жумыс ислеп атырған шыпакерлердиң айлық мийнет ҳақысына 2 миллион сумнан қосымша үстеме төленеди. Сол шыпакерлерге ипотека тийкарында турақ жай сатып алыў қәрежетиниң 50 процентине шекемги бөлеги жергиликли бюджетлерден қаплап бериледи. Буннан кейин алыс ҳәм шетки аймақларда үзликсиз үш жыл ислеген шыпакер клиникалық ординатиураға имтихансыз қабыл етиледи.

Және бир мәселе – хабарыңыз бар, климат ҳәм халықтың турмыс тәризи өзгериўи (аз ҳәрекет етиў, надурыс аўқатланыў) ақыбетинде дүньяда нерв системасы, жүрек-қан тамыр, диабет кеселликлери барған сайын көбейип бармақта. Мәмлекетимизде де өкинишке бола, ҳәр жылы усындай кеселликлерге шатылған жүз мыңлаған наўқаслар дизимге алынбақта. Бирақ районлық емлеўханаларда бундай кеселликлер бойынша жатып емленетуғын бөлимлердиң жоқ болғаны себепли наўқаслар ўәлаят ҳәм республикалық емлеўханаларға барыўға мәжбүр болмақта.

Енди, әне, усы кеселликлер бойынша халықтың өзи жасап атырған жерде қәнигелескен медициналық жәрдем алыў имканиятлары кеңейтиледи. Соның ишинде, 2022-жылы районлық орайласқан емлеўханалардағы орынлардың 10 проценти неврология, эндокринология, кардиология кеселликлери ушын ажыратылып, бюджеттен қаржыландырылады. Бул көрсеткиш 2023-жылы 20 процентке жеткериледи.

Екиншиден, ҳәр жылы 2 мыңнан аслам тәжирийбели шыпакерлер пенсияға шығады. Келип түскен мүрәжатларда олардың 60 проценти өз жумысын даўам еттириў тилегин билдирген.

Басланғыш система менен қамтыўды кеңейтиў ҳәм жүклемени азайтыў мақсетинде, енди бундай тәжирийбели шыпакерлердиң жеке тәртиптеги шаңарақлық шыпакерлик жумысын жүргизиўине рухсат беремиз. Бул ушын өз алдына клиника ашыў талап етилмейди, ал бул категориядағы шыпакерлер өз үйинде ямаса ижараға алынған имаратта медициналық хызметлер көрсетиўи мүмкин болады. Жеке тәртиптеги шаңарақлық шыпакерлерге халыққа бийпул көрсетилип атырған хызметлер ушын төлем басқышпа-басқыш Мәмлекетлик қамсызлардырыў қоры арқалы бериледи. Бул тәжирийбени дәслеп Сырдәрья ўәлаятында баслаймыз. Кейин ала, зәрүр таярлықтан соң, бул тәжирийбе басқышқа-басқыш барлық аймақларда енгизиледи.

Үшиншиден, шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық ҳәм көп тармақлы поликлиникаларда стационар медициналық хызметлер күндиз саат 13:00 ке шекем ислейди. Сонлықтан көпшилик халық шыпакер қадағалаўы талап етилмейтуғын кешки емлениўге емлеўханаға жатыўға мәжбүр.

Бул бағдарда яғный басланғыш системада күндизги стационарлар өз ўақтын создырыўды сорап, 500 ден аслам мүрәжат келип түскен. Сонлықтан шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық ҳәм көп тармақлы поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақты саат  20:00 ге шекем создырылады. Оларда ислейтуғын шыпакер ҳәм мийрибийкелердиң мийнет ҳақысына қосымша үстеме төленеди.

Төртиншиден, халқымыздың 11 миллонын 18 жасқа шекемги балалар қурайды. Бирақ, тилекке қарсы, көпшилик район ҳәм қалаларда балалар поликлиникасы жоқ. Ақыбетинде басланғыш буўында балаларға мәнзилли ҳәм қәнигели медициналық хызмет көрсетилмегени ушын оларды емлеў қәнигелескен шыпакерлердиң мойнына түспекте.

Халықтың көплеген наразылықлары да поликлиникаларда балалар ушын шараят жоқлығы менен байланыслы. Енди бул системаны өзгеретуғын ўақыт келди. 2022-жыл 1-майдан баслап барлық көп тармақлы орайлық поликлиникаларда балалар бөлими шөлкемлестириледи. 17 мыңнан аслам медициналық бригадаларға және қосымша 8,5 мың балалар мийрибийкелери ҳәм акушер штатлары бериледи. Олар аналарына балаларының саламат болып дүньяға келиўинен баслап, камалға келиўине шекем дурыс өсириўди үйретеди.

Балалар ушын профилактикалық тексериўлер бағдарламасы қайта көрип шығылып, 18 жасқа шекемги балаларды педиатр, стоматолог, эндокринолог, ортопед сыяқлы ең зәрүр қәнигелер тәрепинен мәнзилли тексериўден өткериў системасы енгизиледи.

Ҳәммемизге белгили, 2021-жылдан баслап балалар ушын аўқатты  байытатуғын қосымшалар, витамин А ҳәм қуртқа қарсы антигельминт препаратларды бийпул бериў жолға қойылды. Бул жумысларды даўам еттирген ҳалда, 2022-жыл 1-июльден баслап 3-15 жастағы балаларға йод препаратлары мәмлекет тәрепинен бийпул тарқатылады. Бул арқалы келеси бес жылда балаларда зоб, кемқанлық кеселликлерин 30 процентке азайтыў, олардың ақылый ҳәм физикалық жақтан саламат раўажланыўы ушын үлкен тийкар жаратылады. Бул мақсетлер ушын усы жылы 60 миллиард сум қаратамыз.

Және бир мәселе – балаларға басланғыш буўында көрсетилип атырған медициналық хызметлерди жоқары технологиялық әмелиятлар менен байланыстырыў зәрүр. Бул бойынша Республикалық қәнигелескен педиатрия орайында генетикалық лаборатория және оның 13 аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи. Бул лаборатория балалар арасында майыплыққа алып келиўши, соның ишинде, аз ушырасатуғын (орфан) кеселликлерди ерте анықлаў бойынша генетикалық тексериўлер өткеретуғын заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленеди. Оның ушын 15 миллион доллар тартылады.

Сондай-ақ, республикамызда спинал булшық ет атрофиясы диагнозы қойылған наўқас балаларға зәрүр дәри қуралларын бийпул жеткерип бериў системасы енгизиледи. Оған ҳәр жылы 110 миллиард сум ажыратылады.

Соның менен бирге, республикамыз бойынша 46 районлараралық перинатал орайлары шөлкемлестирилип, оларда нәрестелер реанимациясы бөлимлериниң жумысы жолға қойылады.

Ҳәммемизге белгили, перзент – бул өмир қуўанышы, әўлад даўамшысы. Дүньяға келип атырған ҳәр бир нәрестениң саламат ҳәм бәркамал болып камалға келиўи, аналық ҳәм балалықты қорғаў ушын биз буннан былай да барлық күш ҳәм имканиятарымызды жумсаймыз.

Бесиншиден. Ҳәммемизге белгили, жеке меншик медицина ушын салық жеңилликлери ҳәм субсидияларды қамтып алған қосымша қоллап-қуўатлаў системасы енгизилген.

Жеке меншик клиникалардан түскен көплеген мүрәжатларда сырт елден алып келинетуғын медициналық үскенелер ҳәм буйымлар, аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклер, сарыплаў материалларына қосымша қун салығы бойынша жеңилликлер бериў соралған. Бул мәселениң зәрүрлигин итибарға алып, усы жылы 1-апрельден баслап медициналық шөлкемлер тәрепинен сырт елден алып кирилетуғын медициналық үскенелер, буйымлар, әсбап-үскенелер ҳәм материаллар 2025-жыл 1-январьға шекем қосыма қун салығы ҳәм бажыхана бажысынан азат етиледи.

Сондай-ақ, мүрәжатларда жеке меншик клиникаларға маман қәнигелерди тартыўда Өзбекстанда ислеў руқсатнамасы ушын 700 мыңнан 40 миллион сумға шекемги төлем бар екенлиги көрсетилген. Бул талап ҳәтте қысқа мүддетте жоқары технологиялық операциялар және шыпакерлерге «мастер-класс» өткериўге мирәт етилген қәнигелерге де қолланылған.

Буннан тысқары, жеке меншик клиникалар елимизге медициналық туризм арқалы емлениўге келген сырт ел пуқаралары ушын «туризм жыйымы»н төлеўге мәжбүр.

Усы машқалаларға дурыс шешим табыў ушын 2022-жыл 1-апрельден баслап сырт ел шыпакерлерине Өзбекстанда ислеў руқсатнамасын бериў бойынша төлемлер муғдары кескин азайтылады. Жеке меншик медициналық мәкемелер ушын лицензия алыўда санитариялық ҳәм қурылыс талаплары түп-тийкарынан қайта көрип шығылады.

Бир затты анық түсиниў керек. Медицинада саламат бәсеки болса ғана, халыққа хызмет көрсетиўдиң сапасы артады, ең тийкарғысы, адамларымыз разы болады. Соның ушын тараўға жеке меншик секторды тартыў, оларға системаның ажыралмас бөлеги сыпатында оң көз бенен қараў керек. Онда жеке меншик медицинаны раўажландырыў ушын тек ғана салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин, арзан кредитлер бериўдиң өзи жетерли емес. Оларға мәмлекетлик емлеўханалар менен тең шараятларда ислеў ушын имканият жаратыў керек. Бул әҳмийетли мәселеде денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм аймақ басшылары өз қатнасларын өзгертиўи керек.

Айтыңшы, қайсы ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери, денсаўлықты сақлаў жуўапкерлери өзиниң аймағында жаңа медицина мәкемесин қурыў ямаса жаңадан бир медициналық үскене алыўдан алдын сол жердеги жеке меншик клиникалардың имканиятын үйренип көрген!

Тилекке қарсы, бирде-бир аймақ ямаса тараўда бундай таллаў да, қатнас та жоқ. Соның ушын мәмлекетлик ҳәм жеке меншик медициналық хызметлерди бирден-бир система тийкарында раўажландырыў бойынша өз-ара бирге ислесиў механизмлери ислеп шығылады.

Ашық айтыў керек, көплеген жеке меншик клиникалардағы шараят, көрсетилип атырған хызметлер сапасы мәмлекетлик емлеўханалардан әдеўир алдынға өтип кеткен. Буннан тек ғана қуўаныўымыз керек.

Ҳәзирги күнде мыңлаған социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларымыз мәмлекетлик емлеўханаларда бийпул қәнигелескен медициналық хызмет алыў ушын гезек күтпекте.

Буннан былай халық жеңиллетилген жоллама менен тек ғана мәмлекетлик емлеўханаларға емес, ал өзи таңлаған жеке меншик клиникаларға да арқайын барыўы мүмкин болады. Емлениў ушын ажыратылған қаржы болса наўқастың артынан барады.

Тәкирар айтаман-биз ушын медицина дәргайының мүлки әҳмийетли емес. Ең тийкарғысы мақсетимиз – адамларымыздың денсаўлығын сақлаў, олардың дәртине дәрман болыўдан ибарат.

Алтыншыдан, халықты арзан, сапалы дәри-дәрмақ ҳәм медицина қураллары менен үзликсиз тәмийинлеўимиз керек. Бул бағдарда пуқараларымыздан 550 мүрәжат келип түскен.

Улыўма, елимизде ең зәрүр болған дәри-дәрмақ қуралларының баҳасын кеминде 30 процентке арзанластырыў бойынша барлық илажларды көремиз. Оның ушын келеси бес жылда дәри-дәрмақ ҳәм медициналық қураллар ислеп шығарыў көлеми 3 есеге арттырылып, жергиликли дәри қураллары менен тәмийинлеў дәрежеси  80 процентке жеткериледи.

Бул мақсетлерге ерисиў ушын миллий фармацевтика тармағы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланады. Соның ишинде, жергиликли кәрханалар ушын жаңа дәри қуралларын қайта-қайта мәмлекетлик дизимнен өткериўге болған талап бийкар етиледи. Енди халықаралық стандартқа ийе кәрханаларға өнимлердиң ҳәр бир сериясын мәжбүрий сертификатлаў талап етилмейди.

Өзимизде ислеп шығарылып атырған жаңа түрдеги социаллық әҳмийетли дәрилерди 3 жыл даўамында кепилликли сатып алыў системасы жолға қойылады. Фармацевтика кәрханалары ушын технологиялық ҳәм лаборатория үскенелери, комплектлеўши бөлеклер импортына бажыхана бажылары бойынша жеңилликлер және үш жылға создырылады.

Және бир мәселе – дәстүрий медицина менен бирге, халық медицинасын раўажландырыўға да үлкен итибар қаратамыз.

Бир затты жақсы түсиниўимиз керек. Халық медицинасының үстинлиги – кеселликлерди емлеўде химиялық қосымшалары болмаған тәбийғый дәрилик шөплерди кеңнен  қолланыўы болып есапланады. Елимизде бундай дәрилик өсимликлердиң 577 түри анықланған болып, оларды тәўиплеримиз әсирлер даўамында қолланып келген ҳәм нәтийжесин әмелде дәлиллеп берген.

Халық медицинасының сыналған усылларын заманагөй медицинаға интеграциялаў арқалы емлеў системасының нәтийжелилигин және де арттырыў мүмкин. Соның ушын 2022-жылы   нәтийжеси дәлилленген дәрилик өсимликлер медициналық жәрдем көрсетиў стандартлары ҳәм протоколларына басқышпа-басқыш киргизиледи.

Барлық жоқары оқыў орынлары ҳәм техникумларында, аймақлық Халық медицинасы орайларында тараў ушын қәнигелер таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасы енгизиледи. Барлық аймақларда Ибн Сино орайлары шөлкемлестирилип, олар тәрепинен мектеп, лицей, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында халық медицинасы ҳәм саламат турмыс тәризин оқытыў жолға қойылады. Ҳәр бир поликлиникада халық медицинасы ханалары, фитобарлар шөлкемлестириледи. Дәриханаларда дәрилик қураллар мүйеши болыўы лицензия талабы сыпатында киргизиледи. Медициналық академияның клиникасы жанында Республикалық халық медицинасы илимий-әмелий орайының 40 орынлық емлеў бөлими ҳәм аймақларда филиаллары жумыс баслайды.

Усы жере және бир пикирди айтып өтиў зәрүр. Биз жәмийетимизде заманагөй медицина ҳәм халық медицинасының бир-бирине бәсекилес ямаса душпан емес, ал жақын бирге ислесиўши деген әҳмийетли түсиникти қәлиплестириўимиз керек.

Қаншадан-қанша белгили тәўиплер дүньядан өтип кетип атыр. Тилекке қарсы, олар менен бирге олардың илими ҳәм тәжирийбеси де жоғалып кетпекте. Соның ушын халық медицинасын кеңнен үгит-нәсиятлаў, соның ишинде, «Ибн Сина мийрасының билимлилери» таңлаўларын өткериў мақсетке муўапық.

Екинши бағдар – инсан өмирин сақлап қалыўда тез, анық ҳәм оғада тәжирийбели ҳәрекетлер талап етилетуғын тараў, бул – әлбетте тез медициналық жәрдем системасы.

Мысалы ушын, өткир жүрек инфаркты ямаса инсультта дәслепки  1 саатта көрсетилген жоқары дәрежедеги медициналық жәрдем ҳәм инсан өмирин сақлап қалыўға, ҳәм келешектеги аўыр белгилерди азайтыўға хызмет етеди. Бирақ бул тараўда да көплеген машқалалар бар екенлигин  1 мыңнан аслам мүрәжатлар көрсетпекте.

Бир ғана мысал. Касби районы тез медициналық жәрдем айдаўшысы Юсупов, Ғозғон бөлиминиң фельдшери Набиев тез медициналық жәрдем машиналарының ескирип, хызмет сапарына унамсыз тәсир көрсетип атырғанын,  орынларда реанимация машинларының жетиспеўшилигин билдирген. Улыўма, 200 ден аслам тез медициналық жәрдем станцияларындағы 3 мыңға шамалас машинаның 75 проценти «Дамас» автомобильлери болып, олардың 670 и ескирген ямаса оңлаўға мүтәж жағдайда.

Ямаса ҳәзирги күнде бир район яки ўәлаяттағы тез медициналық жәрдем хызмети, аралығы жақын болса да, басқа аймақ халқына хызмет көрсетиўи мүмкин емес. Мысал ушын, Бухара районы «Соҳибкор» мәҳәллесине хызмет көрсететуғын тез медициналық жәрдем пункти 19 километр узақлықта жайласқан ҳәм жетип барыў ўақты кеминде 25 минутты қурайды. 8 километрде жайласқан Вобкент районы тез медициналық жәрдем пунктинен усы мәҳәллеге 10 минутта жетип барса болады.

Тез медициналық жәрдем бригадасының кешигип келиўи бойынша Халық қабыллаўханаларына 2021-жылдың өзинде 50 мыңнан аслам шағым келип түскен. Соның ушын тез медициналық жәрдем сапасын жақсылаў, оларды халыққа және де жақынластырыў ушын айрықша бағдарлама қабыл етиледи.

Бәринен бурын, «103» тез медициналық жәрдем хызмети республика, ўәлаят, қала ҳәм район дәрежесинде бирден-бир басқарыў системасына бирлестириледи. Енди Ташкент қаласы тәжирийбеси тийкарында ҳәр бир ўәлаятта тез медициналық жәрдем бойынша электрон автоматласқан басқарыў системасы енгизиледи.

Жаңадан шөлкемлестирилетуғын диспетчерлик орайлары шақырыўларды наўқастың жағдайы, кеселлик түри ҳәм дәрежесине қарап сайлайды және соған тийкарланып тийисли медициналық бригадаларды жибереди.

Буннан былай тез медициналық жәрдем район ямаса ўәлаят шегарасына қарап емес, ал наўқасқа шекемги аралықтың жақынлығына қарап хызмет көрсетеди. Сондай-ақ, район орайынан 50-80 километр узақлықта жайласқан 24 елатлы пунктте айрықша  медициналық жәрдем бригадалары шөлкемлестириледи. Олар барлық зәрүр медициналық әсбап-үскенелер ҳәм тез медициналық жәрдем машиналары менен тәмийинленеди.

2022-2025-жыллары тез медициналық жәрдем системасындағы барлық «Дамас» ҳәм басқа да ескирген машиналар заманагөй автомобильлерге алмастырылады. Атап айтқанда, 2022-жылы – 890, 2023-жылдан баслап болса, ҳәр жылы 450 ден жаңа автомобиль, соның ишинде, реанимация машиналары алып бериледи. Нәтийжеде келеси үш жылда тез медициналық жәрдем автопарки толық жаңаланады. Бул мақсетлер ушын 65 миллион доллар тартылады.

Бул илажлар есабынан тез медициналық жәрдемде шақырыўларға жетип барыў ўақты 3 есеге қысқарады.

Үшинши бағдар – кейинги бес жылда 9 триллион сум есабынан 2 мыңға шамалас медицина мәкемеси қурылып оңланды. Сондай-ақ,  500 миллион доллар жумсалып 2 мың 500 мәкеме заманагөй медициналық техника ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Бирақ ишимлик суўы, ысытыў системасы болмаған, электр тәмийнаты жарамсыз мыңнан аслам медицина мәкемелери бар. Денсаўлықты сақлаў орынларының шараятынан наразы болып, 700 ден аслам мүрәжат келип түскени де буны тастыйықлайды.

Соның ушын медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў бойынша 2022-2025-жылларға мөлшерленген айрықша бағдарлама әмелге асырылады. Онда, бәринен бурын, 182 шаңарақлық шыпакер пунктинде ишимлик суўы тармағы, 450 ден аслам мәкемеде ысытыў, 650 инде электр системасы толық оңланады.

Усылар қатарында 1 мың 100 медициналық мәкеме қайта қурылып, үскенеленеди. 227 туўыў комплекслери оңланып, оларға заманагөй медициналық әсбап-үскенелер жеткерип бериледи.

Буннан тысқары, 39 балалар емлеўханасының жағдайы ҳәм олардағы шараятлар түп-тийкарынан жақсыланады. Бул жумысларға 6 триллион сум қаржы қаратылады.

Сондай—ақ, районлық ҳәм ўәлаятлық медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў ушын қаржыландырыў дәреклери де кеңейтиледи. Соның ишинде, районлық көп тармақлы орайлық поликлиникаларда кепилленген медициналық хызмет түрлерине кирмейтуғын басқа жаңа хызмет түрлерин төлемли тийкарда шөлкемлестириўге руқсат бериледи. Онда төлемли хызметлерден келип түскен қаржылардың 75 процентине шекемги бөлеги маман медицина хызметкерлерин хошаметлеўге қаратылады.

Медицина мәкемелерине бийғәрез жәрдем шеңберинде берилген медициналық техника ҳәм әсбап-үскенелерден төлемли хызметлер көрсетиўде пайдаланыў бойынша қадаған етиў бийкар етиледи. 1-июльден баслап ўәлаятлық кардиология, офтальмология, урология, травматология, тери кеселликлери емлеўханаларында койка орнына қарап емес, ал наўқастың «емленген жағдайынан келип шығып» қаржыландырыў тәртиби енгизиледи ҳәм бул емлеўханаларға толық қаржылай еркинлик бериледи.

Басымыздан өткен аўыр пандемия сынағы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық хызметине болған мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиў зәрүр екенлигин көрсетти. Соның ушын бул системаның материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде 165 миллион долларлық бағдарлама әмелге асырылады. Онда 2022-жыл 1-майдан баслап санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық хызмети ушын районларда 11 жаңа имарат қурылады, 190 имарат реконструкцияланып, толық оңланады. Аймақлық лабораторияларда ескирген 9 мың әсбап-үскене толық жаңаланады.

Және бир әҳмийетли мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман. Заманагөй медицинада кеселликти анықлаў, диагноз қойыў, емлеў менен байланысы барлық процесслерди санлы технологияларсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Соның ушын басланғыш буўыннан баслап медицинаның барлық тараўларын санластырыў ҳәм 85 инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бағдарлама қабыл етиледи.

Мысал ушын, ҳәзирги ўақытта шыпакерлер жумыс күниниң ярымын тек ғана қағаз ҳүжжетлерди толтырыў менен өткереди. Бағдарлама шеңберинде усы жылы 16 мың ҳәм 2023-жылы және 13 мың компьютер сатып алынып, барлық медицина мәкемелери толық үскенеленеди.

Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери 85 технологиялары ҳәм заманагөй медициналық үскенелерде ислеўге системалы үйретиледи. Оның ушын 2022-жылы – 20 мың, келеси жыллары және 100 мың шыпакер ҳәм мийирбийкелер 85 парк ҳәм орайларда мәнзилли оқытылады.

Сондай-ақ, республикамыздағы 11 медициналық жоқары оқыў орны, 27 колледж ҳәм 47 техникумда «санлы медицина» бойынша қәнигелер таярлаў жолға қойылады.

Ҳүрметли шыпакерлер!

Жоқарыдағы жаңа реже ҳәм басламалардың барлығы медицинаның сапасын арттырыў, халыққа қолайлы шараят жаратыўға қаратылған. Оның ушын биз барлық илажларды әмелге асырамыз, Бирақ бул имканиятларды нәтийжели пайдаланып маман медициналық хызметлерди ҳәр бир шаңараққа шекем алып кириў тиккелей сизлерге – медицина хызметкерлерине байланыслы.

Егер биз медицина хызметкерлериниң машақатлы мийнетине жараса мүнәсип шараят жаратып бермесек, олардың жәмийеттеги абырайы ҳәм статусын арттырмасақ, шыпакерлер, мийирбийкелер өз жумысынан мәпдар болмаса, реформаларымыз күтилген нәтийжени бермейди. Соның ушын төртинши бағдардағы  илажлар тиккелей медицина хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў менен байланыслы.

Бул бойынша, бәринен бурын, денсаўлықты сақлаў хызметкерлерин материаллық хошаметлеў және де күшейтиледи. Бул мәселе бойынша сиз, ҳүрметли медицина тараўының ўәкиллери тәрепинен 3 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен. Бирақ негизинде олар 500 мыңнан аслам барлық медицина хызметкерлериниң пикир-усынысларын бидиреди, десек ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Ҳәммеңизге белгили, бюджет хызметкерлериниң мийнет ҳақысын ҳәр жылы арттырып барып атырмыз. Быйыл да бюджет шөлкемлери қатарында медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысын да кеминде 10 процентке арттырыўды режелестиргенбиз. Оған қосымша түрде тараў ўәкилллериниң машақатлы мийнетин және де хошаметлеў мақсетинде усы жылы 1-июньнен баслап медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы маманлық категориясына қарап, және 15 процентке шекем арттырылады. Жоқары технологиялық қурамалы операцияларды орынлаған шыпакерлерге болса және 25 процент муғдарында үстеме төленеди.

Буннан тысқары, медицина хызметкерлерин хошаметлеў қорына жылына 1,5 триллион сум ажыратылады. Усы қаржылар есабынан айрықша нәтийжеге ерискен, ҳадал ҳәм ҳүжданлы ислеп атырған шыпакерлер ҳәм мийирбийкелерге 100 процентке шекем айлық үстемелер де белгиленеди. Жаңадан жумыс баслаған жанкүйер шыпакерлерге 1 миллионға шекем арнаўлы айлық үстеме төлеў тәртиби енгизиледи.

Әпиўайы етип түсиндиретуғын болсам, мысал ушын, ҳәзирги күнде жоқары категориялы шыпакер 4 миллион сум мийнет ҳақы алса, енди мийнет ҳақының артыўы ҳәм жаңа үстемелер есабынан ол 8-9 миллион сумға шекемги мийнет ҳақысын алыўы мүмкин болады. Мийирбийкелер болса 1,5 миллион сум орнына, категориясы ҳәм ерискен нәтийжелерине қарап,  3-4 миллион сумға шекемги мийнет ҳақысын алыўы мүмкин.

Және бир мәселе – емлеў ҳәм лаборатория мийирбийкелери, санитар хызметкерлер, рентгенолог, фтизиатр, инфекционист, вирусолог, стамотолог сыяқлы айрықша мийнет шараятында ислейтуғын 100 мыңнан аслам медицина хызметкерлери бир жылда еки мәрте өз қалтасынан төлеп, мәжбүрий медициналық тексериўден өтеди. Бул қаншелли әдалатлы!

Бул мәселеде де 720 мүрәжат келип түскен.

Өзиниң денсаўлығын гиреўге қойып, наўқаслар дәрти менен жасап атырған медицина хызметкерлериниң саламатлығы ҳаққында бәринен бурын мәмлекет ойлаўы керек емес пе!

Соның ишинде, 2022-жыл 1-майдан баслап барлық медицина хызметкерлери ушын дәслепки ҳәм дәўирлик кәсиплик медициналық тексериў бийпул өткериледи. Қан менен тиккелей ислесип атырған медицина хызметкерлери гепатит «В» кеселлигине қарсы бийпул шаншылады.

Буннан былай медицина хызметкерлери ушын усы қәрежетлер толық бюджеттен қапланады ҳәм оған ҳәр жылы кеминде 100 миллиард сум ажыратылады.

«Инсан қәдирин улығлаў ҳәм шыпакер мийнетин қәдирлеў» принципи тийкарында ҳәр жылы мың наўқас шыпакерлер, әсиресе, тараўда бир өмир мийнет еткен ветеранларға жоқары технологиялық операциялар мәмлекет есабынан бийпул өткериледи.

Орынларда медицина тараўының ўәкиллерине, әсиресе, қыстаўлы ҳәм тез медицналық жәрдем хызметкерлерине күш ислетиў (қорқытыў) жағдайлары да ушырасып тур. Шыпакерге қол көтериў, оны сөгип, кемситиў бизиң инсаплы, ақкөкирек, мийрим-шәпәәтли халқымызға мүнәсип пе! Бул бизге пүткиллей жараспайтуғын жағдай.

Енди медицина хызметкерлериниң жумысына нызамсыз түрде араласқан, олардың жумысына тосқынлық еткен және күш көрсеткен адамларға нызамшылықта айрықша ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленеди.

Өзбекстанда «нызам-үстин, жаза-анық» екенин ҳеш ким есинен шығармаўы керек.

Бүгинги әнжуманда және бир әҳмийетли мәселени айрықша айтып өтпекшимен. Белгили илимпазлар ҳәм халықаралық экспертлерди тартып, денсаўлықты сақлаў кодексин ислеп шығыўдың ўақты келди. Бул әҳмийетли ҳүжжетте медицина хызметкерлери ҳәм наўқаслардың ҳуқықлары менен миннетлемелери алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийарында қайта көрип шығылады, медицина хызметкерлериниң ҳуқықый қорғалыўы күшейтиледи, пуқаралардың өз денсаўлығына итибары ҳәм жуўапкершилигин арттырыў механизмлери енгизиледи.

Бесинши бағдар –денсаўлықты сақлаў мәкемелерин маман кадрлар менен тәмийинлеў менен байланыслы.

Ҳәзирги күнде республикамыздың медицина мәкемелеринде 8 мыңға шамалас ҳәр тараўдағы қәнигелер және басланғыш медицина мәкемелеринде 3 мыңнан аслам шаңарақлық шыпакерлер жетиспейди. Әсиресе, Сурхандәрья, Ташкент, Қашқадәрья, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында шыпакерлерге талап жүдә жоқары. Сондай-ақ, системадағы шыпакерлердиң 45 проценти, мийирбийкелердиң болса 40 проценти маманлық категориясына ийе емес.

Шыпакерлерди маманлық арттырыў курслары менен қамтып алыў дәрежеси тек ғана 25 процентти қурайды.

Жағдайды туўырлаў ушын медициналық мәкемелерди маман кадрлар менен тәмийинлеў бойынша жаңа система енгизиледи. Буның ушын 2022-2023-оқыў жылынан медициналық жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грантлар тийкарында қабыллаў квоталары аймақларда шыпакерлерге болған ҳақыйқый мүтәжликтен келип шығып мақсетли арттырып барылады. Фтизиатрия, гематология, нефрология, пульмонология, психиатрия, қыстаўлы медициналық жәрдем, лаборатория иси, жуқпалы кеселликлер сыяқлы 15 тар тараўдағы қәнигелик бойынша магистратураға мәмлекетлик грантлар 4 есеге арттырылады. 11 медициналық жоқары оқыў орынларында алты айлық қәнигелескен курслар шөлкемлестирилип, ҳәр жылы 500 ден шаңарақлық шыпакерди аймақлардағы ең зәрүр тар тараў қәнигелиги бойынша мақсетли оқытыў бағдарламасы әмелге асырылады.

Сондай-ақ, бакалавриат, магистратура ҳәм клиникалық ординатура билимлендириў системасы жетилистириледи. Атап айтқанда, питкериўшилерге қойылатуғын маманлық талапларына мүтәжлик жоқары болған әҳмийетли бағдарлар бойынша қайта көрип шығылады, оқыў режелери ҳәм бағдарламалар, студентлердиң билимин баҳалаў системасы халықаралық стандартларға сәйкеслендириледи, 11 медициналық жоқары оқыў орынларында өз алдына оқыў орайлары шөлкемлестирилип, олар заманагөй симуляторлар менен үскенеленеди. Буның ушын 250 миллиард сум бағдарланады.

Буннан тысқары, медициналық жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында ҳәм бакалавриаттың 5-6-курсларында оқып атырған студентлерге жоллама тийкарында басланғыш ҳәм тез жәрдем системасында шыпакер болып жумыс ислеўге рухсат бериледи. Бул арқалы ҳәр жылы 7 мыңға шамалас студент мийнет ҳақы алып, билимлендириўди әмелият пенен бирге алып барыў имканиятына ийе болады.

Әмелият дәўиринде бағдарын өзгертиўге қарар еткен студентлерге оқыўды басқа түрлес қәнигеликлер бойынша даўам еттириўге рухсат бериледи.

Соның менен бирге, тараў ушын алдынғы медицинаны терең түсинетуғын, мәлимлеме технологиялары ҳәм шет тиллерин жақсы билетуғын, басқарыў қәбилиетине ийе болған заманагөй медицина менеджерлерин таярлаўға айрықша итибар қаратамыз.

Және бир әҳмийетли мәселе – сырт елден абырайлы қәнигелер тартылып, медицина тараўында маманлық арттырыў системасы пүткиллей жаңа көзқараслар тийкарында толық өзгереди. Онда 11 медициналық жоқары оқыў орынларында маманлық арттырыў ҳәм қайта таярлаў факультетлери, 23 қәнигелескен орайларда арнаўлы оқыў курслары шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, ири ҳәм абырайлы жеке меншик емлеўханаларда медициналық жоқары оқыў орынларының клиникалық базалары шөлкемлестирилип, оларға да шыпакер ҳәм мийирбийкелердиң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўға рухсат бериледи.

Усы мүнәсибет пенен Республикалық медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын раўажландырыў ҳәм Орта медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў орайларының жумысы толық қайта көрип шығылады. Бул шөлкемлер енди тек ғана заманагөй методикаларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў менен шуғылланады.

Соның менен бирге, шыпакерлердиң маманлық категориясын алыў мүддетлери қайта көрип шығылады. Онда категориясыз хызметкерлерден талап етилетуғын жумыс стажы 5 жылдан 3 жылға, биринши категорияға – 7 жылдан 5 жылға, жоқары категорияға – 10 жылдан 7 жылға шекем қысқарады.

Бизлерде мийирбийке дегенде көз алдымызға тек ғана «укол» салыўды билетуғын медицина хызметкерлери келеди. Бирақ денсаўлықты сақлаў системасы раўажланған мәмлекетлерде орта медицина хызметкерлериниң билим дәрежеси, маманлығы ҳәм жуўапкершилиги врачлардан кем емес. Бизде болса ҳәмме жуўапкершилик шыпакерлерде қалып кеткен. Сол себепли системада врачлар жетиспейди. Орта медицина хызметкерлериниң саны болса талаптан артық дәрежеде, яғный саны көп, хызмет сапасы төмен.

Мысал ушын, 2022-жылы – 20 мың, 2023-жылы – 34 мың жас медицина колледжи ҳәм техникумларын тамамлады. Бирақ тараўда орта медициналық хызметкерлерге болған талап жылына тек ғана орташа 10 мыңды қурайды.

Бул мәселени дурыс шешиў ушын өткен жылы шаңарақлық шыпакерлердиң 60 тан аслам функциясынан 25 ин мийирбийкелерге өткериў, буның ушын оларды оқытыў системасын қайта көрип шығыў бойынша қарар қабыл еткен едик. Бирақ 11 медициналық жоқары оқыў орны ҳәм 27 медициналық колледж және 47 техникум бир-биринен ажыраған ҳалда жумыс алып барғаны себепли орта медициналық хызметкерлерди таярлаўда сапа өзгермей атыр. Сол себепли орта медициналық хызметкерлерди таярлаў системасы да қайта көрип шығылып, медициналық колледжлер ҳәм техникумлар трансформацияланады. Онда сырт елли бирге ислесиўшилер менен халықаралық алдынғы тәжирийбе тийкарында мийирбийкелерди таярлаўдың жаңа мектеби жаратылады.

Әпиўайы етип айтқанда, хирургиялық операциядан кейинги әҳмийетли процесс, яғный наўқастың «аяққа турыўы» ушын (интенсив терапия ҳәм реабилитация) барлық емлеў жумысларын орынлай алатуғын маман мийирбийкелерди таярлаў системасы жолға қойылады.

Енди барлық медициналық колледжлер ҳәм техникумлар жоқары билимлендириў мәкемелерине бириктириледи. Жоқары оқыў орынлары билимлендириў ҳәм әмелияттың сапасы ушын тиккелей жуўапкер болады. Медициналық жоқары оқыў орынларының клиникалары, республикалық медициналық орайлар, олардың филиаллары ҳәм емлеўханалар медициналық колледжлер ҳәм техникумлар ушын клиникалық база болып хызмет етеди.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң барлық кафедралары өз бағдарында колледж ҳәм техникумларға заманагөй оқытыў методикасы ҳәм тенологияларын үйретеди, муғаллимлер ҳәм оқыўшылардың билимин әдил баҳалап барады. Онда колледж ҳәм техникумлардың қәбилетли оқыўшыларын таңлап, оларды келешекте жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыўын даўам еттириўге шараят жаратылады.

Алтыншы бағдар – шыпакерлердиң ең әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпасы – бул әлбетте кеселликти емлеў, усы тәризде инсанлардың дәртине мәлҳәм болыў есапланады.

Соның менен бирге, мен сизлерден саламат турмыс тәризи арқалы кеселликтиң алдын алыўға көбирек итибар бериўиңизди сорайман. Себеби, физикалық шынығыўлар менен турақлы шуғылланатуғын адам ҳеш қандай емлеўге мүтәж болмайды.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкемниң мағлыўматларына қарағанда, инсан саламатлығы 19 процент – сыртқы орталыққа, 20 процент – генетикалық факторларға, 9 процент – денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў ҳәм 52 процент турмыс тәризине байланыслы.

Саламатлығымыз тийкарынан өз қолымызда екен, жәмийетте саламат турмыс мәдениятын буннан былай арттырыўымыз зәрүр.

Бул мәселе бойынша өз алдына бағдарламаны әмелге асырыўды баслағанымыздан хабардарсыз.

Тилекке қарсы, дурыс аўқатланбаў ҳәм ҳәрекетсизлик ақыбетинде бүгинги күнде халқымыздың 75 процентинде артықша салмақ бар екени, 30 процентинде болса холестерин ҳәм қан басымы жоқары екени бәршемизди ойландырыўы керек. Соның ушын усы жылдан баслап 17 мыңнан аслам медициналық бригада, 2 мыңнан аслам шаңарақлық шыпакер пунктлери ҳәм поликлиникалардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў бойынша рейтинг системасы енгизиледи.

Рейтинг деген сол, енди медицина хызметкерлери өз аймағында халықтың денсаўлығын сақлаў ҳәм кеселликлердиң алдын алыў бойынша өзине миннетлеме алады. Онда артықша салмаққа жол қоймаў, дурыс аўқатланыўға әмел етиў, физикалық белсендиликти арттырыў, зыянлы әдетлерден ўаз кешиў ҳәм олардың нәтийжесинде келип шығатуғын инфаркт, инсульт, қантлы диабет, онкология сыяқлы кеселликлердиң алдын алыў көрсеткишлери тийкарғы өлшем сыпатында белгиленеди.

Унамлы көрсеткишлерге ерискен медицина хызметкерлери ҳәр шеректе сыйлықланады, жыл жуўмағында болса ҳәр бир ўәлаятта ең жақсы нәтийже көрсеткен поликлиникаға сыйлық ҳәм саўғалар бериледи. Бул тәжирийбени усы жылы пайтахтымыздың Алмазар районындағы 11 ҳәм Наманган ўәлаятының Үйши районындағы 12 шаңарақлық шыпакер пункти ҳәм поликлиникаларында баслаймыз. Усы тәжирийбениң жуўмағы бойынша бул жаңа системаны 2023-жылдан баслап барлық аймақларда енгизиў бойынша тийисли қарар қабыл етиледи.

Өз мәҳәллесинде саламат турмыс тәризин күни-түни үгит-нәсиятлаған, бул бағдарда жеке үлги болған медицина хызметкерлери ҳәм жәмийетлик ўәкиллер ушын, өз алдына «Халқ саломатлиги посбони» көкирек белгиси шөлкемлестириледи.

Жетинши бағдар – денсаўлықты сақлаў системасы тийкарынан кеселликлерди емлеўге емес, ал бәринен бурын, олардың алдын алыўға қаратылған болыўы зәрүр.

Негизинде, жәҳән медицинасында кеселликлер профилактикасы – ең тийкарғы бағдар болып есапланады. Бул бағдарда Сырдәрьяда басланған тәжирийбе медицина тараўындағы көплеген кемшиликлерди ашып берди. Ўәлаяттағы районлық ҳәм қалалық емлеўханаларда ҳәр қыйлы нерв кеселликлери, жуқпалы бронхит, остеохондроз сыяқлы дәрти бар наўқаслар стационар шараятта емленбекте. Олар күни-түни шыпакердиң қадағалаўына мүтәж емес.

Сырдәрьядағы емлеўханаларда жатқан наўқаслардың 30-40 процентин амбулатор шараятта емлеў мүмкин. Бул – емелеўханалардың нәтийжесиз қәрежетлерин 40 процентке қысқартыў имканиятын береди.

Сондай-ақ, басланғыш буўында қаржылардың тийкарғы бөлеги мийнет ҳақысына жумсалып, медициналық жәрдем көрсетиўге дерлик 10 проценти қалмақта. Сол себепли Гүлистан қаласындағы Республикалық қыстаўлы жәрдем илимий орайының филиалы ҳәм ўәлаятлық көп тармақлы емлеўханасын, оған тутас ямаса оның әтирапында жайласқан 10 ға шамалас тар тараўдағы медицина мәкемелерин бирден-бир кластерге бирлестириўге қарар еттик.

Басқа аймақларда да денсаўлықты сақлаў инфраструктурасын пуқта үйренген ҳалда, бир бағдардағы емлеўханалардан ўаз кешип, емлеўханалар негизинде көп тармақлы клиникалар шөлкемлестириледи.

Буннан былай медицина системасы «қаржыны тиккелей наўқасқа жумсаў» деген принцип тийкарында қаржыландырыўға өткериледи.

Сондай-ақ, жылдың ақырына шекем Сырдәрьяда медициналық қамсызландырыў системасын толық жолға қойып, келеси жылларда барлық аймақларда енгиземиз. Соның менен бирге, пүткиллей мәмлекетимизде әмел етилетуғын бирден-бир клиникалық протоколлар, көрсетпе ҳәм стандартлар ислеп шығылады.

Медицина тараўында бирден-бир медициналық мағлыўматлар базасы – «электрон денсаўлықты сақлаў» мәлимлеме системасы жаратылады.

Медициналық-экономикалық, статистикалық ҳәм аналитикалық таллаўларды өткериў имканиятын беретуғын Миллий система енгизиледи.

Соның менен бирге, алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында клиникаларды емес, шыпакерлерди лицензиялаў системасына басқышпа-басқыш өтиўимиз керек. Бул система жолға қойылса, медицина хызметкерлерин маманлық арттырыўға мәжбүрий жибериў талап етилмейди. Ал, олар өз үстинде турақлы жумыс ислеп, тәжирийбесин арттырыўдан өзлери тиккелей мәпдар болады.

Улыўма етип айтқанда, тараўдағы реформаларды режели ҳәм избе-из даўам еттириў мақсетинде Жәҳән банкиниң экспертлери менен бирге 1-октябрьге шекем 7 тийкарғы бағдарды да өз ишине алған Денсаўлықты сақлаў стратегиясы ислеп шығылады.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Орны келгенде, медицина хызметкерлериниң мәнәўияты, минез-қулқы мәселесине де тоқтап өтпекшимен.

Әлбетте, тараў қәнигелери өз кәсибин терең билиўи шәрт. Бирақ, ҳәр тәреплеме жетик шыпакер болыў ушын буның өзи жетерли емес. Соның ушын медициналық билимлендириў системасына «Медицина хызметкерлериниң руўхый-әдеп икрамлылық келбети» атлы арнаўлы курсты енгизиў керек.

Пурсаттан пайдаланып, дөретиўши зыялыларымыздың итибарын бир мәселеге қаратыўды тилер едим. Биз пандемия шараятында шыпакерлеримиздиң өз кәсибине муқаддес антына садықлығы ҳәм пидәкерлигине қайта-қайта гүўа болмақтамыз. Буның ушын оларға бәршемиз ҳәм халқымыз атынан және бир мәрте рахмет айтамыз. Бирақ елдиң арасында ҳүрметке ерискен, ҳақыйқый мәртлик ийеси болған шыпакерлер образы жырланған көркем шығармалар жетерли дәрежеде жаратылмай атыр. Жанкүйер медицина хызметкерлериниң машақатлы ҳәм абырайлы жумысы сүўретленген көркем, сахна ҳәм кино шығармалары, сериалларды көбейтиў зәрүр, деп ойлайман.

Ҳүрметли дослар!

Бүгинги ашық сәўбетке таярлық процесинде келип түскен машқалалардың шешимлери ҳәм сизлердиң бүгинги усынысларыңыз бойынша қысқа мүддетте қарарлар қабыл етиледи. Оларда барлық әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар, сондай-ақ, бүгин билдирилетуғын пикир-усыныслар да өз көринисин табады. Бул мақсетлер ушын 2022-жылы бюджеттен тараўға ажыратылған 24 триллион сумға қосымша 3,2 триллион сум бериў бойынша есап-санақлар жүргизилген.

Бәршеңиз түсинесиз, ҳәзирги ўақытта жүз берип атырған қыйын жағдайда денсаўлықты сақлаў системасы ушын бундай үлкен қаржыларды излеп табыў, әлбетте, аңсат болмай атыр. Биз халқымыздың саламатлығы ушын ҳәр қанша қаржы ҳәм күш-имканият жумсаўға таярмыз. Жеке мен ушын халқымыздың саламатлығы ҳәмме нәрседен үстин ҳәм қәдирли.

Бирақ медицина тараўына қаратылып атырған итибардан дурыс ҳәм нәтийжели пайдаланып атырмыз ба? Мине, усы сораў мени көп ойландырады. Бул сораў сизлерди де қыйнаўы керек. Тараў басшылары ажыратылып атырған ҳәр бир сумның қәдирине жетиўи, олардың нәтийжесин барлық адамларымыз өз турмысында сезиўи керек.

Бүгинги күнде барлық тараўларда, соның ишинде, медицина тараўында да ҳәр күни шексиз илимий жаңалықлар ойлап табылып атырғаны, емлеў иси бойынша қандай жаңа технологиялар ҳәм методикалар пайда болып атырғанын ҳәммеңиз көрип-билип турыпсыз. Нәтийжеде, дүнья илими ҳәм раўажланыўы жеделлик пенен раўажланып атырған ҳәзирги қыйын заманда кешеги билим ҳәм тәжирийбе менен узаққа барып болмайды. Мине, усындай кескин бәсеки шараятында турақлы оқыў, излениў, жаңалыққа умтылыў – бул ҳәр бир медицина хызметкериниң жуўапкершиликли миннети, керек болса, турмыс мақсетине айланыўы шәрт.

Усы жерде өзимизге бир сораў берейик: Ибн Сина бабамыз қандай етип, нениң есабынан уллы шыпакер болды? Әлбетте, сийрек ушырасатуғын қәбилети, шексиз ақлы менен. Бирақ соның өзи жетерлимеди?

Бизге белгили, уллы тәўип Бухара ҳүкимдарын аўыр кеселликтен емлейди. Сонда әмир оған үлкен дүнья ҳәм әмел усыныс етеди. Ибн Сина бабамыз болса олардың бәршесинен ўаз кешип, тек ғана сарай китапханасындағы китаплардан пайдаланыў ушын рухсат сорайды. Мине, усы китапларды оқып, өз үстинде тынымсыз жумыс ислеп, уллы ата-бабамыз айрықша жетискенликлерге ериседи.

Қайталап айтаман, раўажланыўға тек ғана илим, тек ғана тәлим ҳәм тәрбия, тек ғана китап арқалы ерисиў мүмкин.

Мине усындай мысаллар барлық медицина хызметкерлери, әсиресе, жас врач ҳәм мийирбийкелер ушын жоқары ибрат үлгиси болып хызмет етиўи керек.

Медицина халқы арасында кәсиплик ҳадаллық ҳәм пәклик орталығын беккемлеў, коррупция бәлесинен пүткиллей қутылыў ушын бәршемиз – врач ҳәм мийирбийкелер де, наўқаслар да, басшы ҳәм жуўапкерлер де биргеликте ҳәрекет етиўимиз керек.

Шыпакердиң тек ғана үстиндеги халаты, бәринен бурын, кеўли де, қолы да пәк болыўы керек.

Умытпаң, мәмлекет медицина системасын раўажландырыў, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў ушын сонша үлкен қаржы ҳәм ресурсларды жумсап атырған екен, енди бул бағдарда ҳәр қандай нызам бузылыўларына, дәмегөйлик ҳәм парахорлық көринислерине қарсы қатаң гүрес алып барады.

Наўқасларды тек ғана дәри-дәрмақ пенен емес, ал меҳир менен, ақыл менен емлеў де айрықша әҳмийетке ийе.

Тилекке қарсы, денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде айырым шыпакерлердиң халық пенен қопал қарым-қатнаста болыўы, адамларды менсинбеў, өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қараў сыяқлы унамсыз жағдайлар елеге шекем ушырасып тур. Бундай жағдайды өзгертиў ушын, бәринен бурын, медицина хызметкерлериниң руўхый дүньясын, наўқаслар менен сөйлесиў мәдениятын арттырыў зәрүр.

Данышпан жазыўшылардан бириниң терең мәнили сөзи бар: «Инсанның ҳәмме нәрсеси – келбети де, кийими де, кеўли ҳәм пикири де гөззал болыўы керек». Бул сөзлер бәринен бурын сизлерге – медицина халқына қарата айтылған.

Жеке мен Президент сыпатында сизлердиң машақатлы мийнетиңизди жоқары қәдирлеймен. Қалаберсе, шыпакердиң перзенти болғанымнан мақтаныш етемен. Сол себепли барлық медицина хызметкерлери жәмийетимиздиң ең мәдениятлы қатламы, зыялыларымыздың алдынғы ўәкиллери болыўын әрман етемен.

Сизлер мине усындай жоқары статусқа әлбетте мүнәсипсиз.

Сизлерди театр ҳәм музейлерде, концерт заллары ҳәм китапханаларда және де көбирек көриўди қәлеймен. Усы мақсетте республикамыз медицина хызметкерлерин мәмлекет есабынан театр ҳәм концертлерге бийпул алып барыў системасы шөлкемлестириледи.

Халқымыздың саламатлығын беккемлеў, миллий генофондымызды қәстерлеп сақлаўда аналық ҳәм балалық және шаңарақты қорғаў, ҳәр тәреплеме бәркамал әўладты камалға келтириў – бизлердиң тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады.

Бул бағдарда, бәринен бурын, ертең ана болатуғын жас қызларымызға шаңарақлық турмыс тийкарларын, бала тәрбиясын үйретиў бойынша да еле көп ислеўимиз керек.

Ҳәр қандай тараў, соның ишинде, медицина системасының ертеңги раўажланыўы да жасларға байланыслы екенин ҳәммемиз жақсы билемиз. Усы мақсетте денсаўлықты сақлаў тараўына кирип киятырған жас шыпакер ҳәм мийирбийкелерге кеңнен жол ашып бериў, әмелде өзин ақлаған устаз-шәкирт дәстүрлерин даўам еттириўди бүгин турмыстың өзи талап етпекте.

Бизге белгили, тек ғана ески тарийхта емес, ал жақын өтмиште де мәмлекетимизде Восит Воҳидов, Ўктам Орипов, Ёлқин Тўрақулов сыяқлы белгили шыпакерлер өз мектеплерин жаратқанын жасы үлкен инсанлар жақсы биледи.

Бүгинги күнде шыпакерлеримиз арасында Өзбекстан Қаҳарманлары, академиклер, көплеген илим докторлары ҳәм профессорлар бар. Олар да өзлериниң илимий, медициналық-әмелий мектеплерине тийкар салады, деп исенемиз. Буның ушын қандай шараят ҳәм имканиятлар керек болса, мәмлекетимиз бәршесин жаратып бериўге таяр екенин және бир мәрте атап өтемен.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Бүгинги ашықтан-ашық сәўбет, онда билдирилген ашшы, бирақ әдил ҳәм қалыс пикирлер бәршемиз ушын ҳәр тәреплеме пайдалы болды, десек, дурыс болады.

Сизлер менен мине усындай жаңаша тәризде медицина тараўындағы машқала ҳәм кемшиликлер, тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында толық пикирлесип алдық. Көп ғана мәселелерди шешиў бойынша әмелий шешимлерди таптық. Оларды орынлаў ушын, сөзсиз, шыпакерлердиң өз үстинде жумыс ислеўи, жумыс усылы ҳәм дүньяға көзқарасын өзгертиўи, заманагөй билим ҳәм көнликпелерди өзлестирип барыўы, жуўапкершилиги шешиўши әҳмийетке ийе.

Алдымызда турған бундай үлкен ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда немқурайдылық ҳәм бийпәрўалыққа жол қойыўға ҳеш кимниң ҳаққы жоқ. Себеби гәп инсан турмысы, инсан саламатлығын қәстерлеп сақлаў сыяқлы шешиўши мәселе ҳаққында бармақта. Өзбекстан медицина хызметкерлери оған, әлбетте, уқыплы екенине  исенемен. Сизлер пандемия дәўириндеги аўыр шараятта халқымыздың денсаўлығын қәстерлеп сақлаў ушын ҳақыйқый қаҳарманлық ҳәм мәртлик көрсеткениңиз буның айқын дәлийли болып есапланады. Оны тек ғана халқымыз емес, ал дүнья жәмийетшилиги де тән алмақта.

Бүгинги әнжуман мәмлекетимиздиң медицина тараўын раўажландырыў жолында түпкиликли бурылыс болып хызмет етеди – деп ойлайман.

Соның менен бирге халқымыздың денсаўлығын сақлаў оғада әҳмийетли, атап өтиў керек болса, өмирге тийисли әҳмийетли мәселени тек бир ғана министрликке жүклеп, қалғанлар тамашагөй болып шетте турмаўы керек. Бул барлық тараў басшылары, ҳәкимлер ҳәм министрлер, депутат ҳәм сенаторлардың, кең жәмийетшилик, бир сөз бенен айтқанда, өзин усы елдиң тәғдирине байланыслы деп билген ҳәр бир инсанның ўазыйпасы ҳәм миннетине айланыўы шәрт.

Әзиз шыпакерлер!

Пүткил дүнья жүзинде «медицина илиминиң султаны» деген мәртебеге ерискен уллы Ибн Синаның мийрасқорлары болған сиз, әзизлер менен бирге Жаңа Өзбекстанның күшли ҳәм нәтийжели медицина системасын қәлиплестириў сыяқлы алдымызда турған уллы ўазыйпаны әлбетте, табыслы орынлайтуғынымызға исенимими кәмил.

Бәршеңизди кирип киятырған Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, ийгиликли жумысларыңызда ҳәмийше әўмет ҳәм жетискенликлер яр болыўын тилеймен.