Елимизде билимлендириў ҳәм инсан капиталын раўажландырыўға айрықша итибар берилмекте. Атап айтқанда, кейинги 5 жылда мәмлекетимизде 21 мыңнан аслам жаңадан мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилип, бул дәргайларда тәрбияланып атырған балалар қамтып алыныўы алдынғы 27 проценттен 67 процентке көтерилди.

Буннан тысқары, 200 ге шамалас жаңа мектеплер қурылды, 3 мыңнан артық мектеплер болса реконструкцияланды ҳәм толық үскенеленди.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев биринши Ташкент халықаралық инвестиция форумындағы шығып сөйлеген сөзинде айрықша атап өтти.

Өткен қысқа дәўирде 82 жаңа университет ҳәм институт, соның ишинде, 23 сырт ел жоқары оқыў орны шөлкемлестирилип, жоқары оқыў орынларының улыўма саны 159 ға жетти.

Нәтийжеде, мектеп питкериўшилериниң жоқары билимлендириў менен қамтылыў дәрежесин алдынғы 9 проценттен 28 процентке шекем жеткериўге ерисилди ҳәм бул бағдардағы жумысларымыз даўам еттирилмекте.

ӨзА