2022-жыл 19-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилистде ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Дәслеп сенаторлар Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққындағы 2021-жыл жуўмағы бойынша мәлимлемени тыңлады.

Атап өтилгениндей, тараўда әмелге асырылған системалы жумыслар нәтийжесинде улыўма жынаятлардың 89 проценти ашылған, излеўдеги 4 615 шахс усланған, бийдәрек жоғалған 507 шахс табылған. 9 314 мәҳәлледе криминоген жағдай талланып, мәҳәллелер «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» категорияларға ажыратылған.

Көрилген илажлар нәтийжесинде 2021-жылы 2 639 мәҳәлледе (28,3 процент) жынаятлар жүз бермеген, 3 628 инде (39 процент) олардың жүз бериў жағдайлары азайған.

Экономика, басқарыў ҳәм әдил судлаў тараўында 1 313 шахс тәрепинен исленген 1 018 жынаят анықланып, олардың ақыбетинде жеткерилген 86,1 млрд сум муғдарындағы зыян өндирилиўи тәмийинленген.

Соның менен бирге, өткерилген үйрениўлер ишки ислер уйымлары тәрепинен итибар қаратыў зәрүр болған мәселелер бар екенлигин көрсетти.

Атап айтқанда, 2021-жылы жүз берген жынаятлардың улыўма саны 84 100 ди қурап, ҳәр 100 мың халыққа орташа 321,4 ден туўра келген.

Шаңарақлардағы тынышсызлық, келиспеўшиликлердиң өз ўақтында шешилмеўи мәҳәлле белсендилери ҳәм кең жәмийетшиликтиң итибарынан шетте қалғанлығы ақыбетинде оғада аўыр жынаятлар жүз бермекте

Соның ишинде, 2021-жылы адам өлтириў жынаятларының ҳәр үшиншиси ямаса 158 и (37,1 проценти), аўыр дене жарақатын жеткериў жынаятларының 190 ы (14,4 проценти) шаңарақлық машқалалар себепли жүз берген.

Соның менен бирге, шаңарақлық келиспеўшиликлердиң өз ўақтында сапластырылмағанлығы ақыбетинде 14 935 ҳуқықбузарлық жүз берген. Олардың дерлик 60 проценти (8 589ы) Ташкент қаласы, Ташкент, Бухара, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларына туўра келеди.

Аўыр турмыс шараятында жасап атырған ҳаял-қызлардың машқалалары толық шешилмей киятырғаны себепли 2021-жылы 9 759 ҳаял-қыз тәрепинен 9 053 жынаят исленген.

Шаңарақ-турмыс қатнасықлары шеңберинде кемситиўге ушыраған ҳаял-қызлардың 39 343 ына қорғаў ордери берилген.

Мектеплерде жолға қойылған «қатнас илажлары» имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, халықты қырағылыққа шақырыў бағдарындағы жумыслар да турақлы түрде алып барылмаған.

Жас өспиримлер тәрепинен жүз берген жынаятлардың саны айырым аймақларда жоқарылығынша қалмақта. Соның ишинде, бул жынаятлардың 65,2 проценти Ферғана, Ташкент, Наманган ҳәм Бухара ўәлаятларына туўра келеди.

Буннан тысқары, 14 мыңнан аслам жумыссызлар тәрепинен жынаятлар исленгенлиги орынларда халықты жумыс пенен тәмийинлеў мәселелериниң нәтийжели шешилмей атырғанын көрсетеди.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен халық арасында жынаятшылыққа қарсы маўасасыз қатнасты қәлиплестириў, жынаятлардың алдын алыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў мәселелерине де итибар қаратылды.

Атап айтқанда, буннан былай жуўапкер министрликлер, уйым ҳәм жәмәәт шөлкемлери менен биргеликте ҳаял-қызлар, жас өспиримлер, жаслар, әсиресе, бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар арасында жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлардың турақлы анализин жүргизиў арқалы бундай жағдайлардың келип шығыў себеплери ҳәм факторларын анықлаў және сапластырыў илажлары көриледи.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң парламент ағзалары Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорының мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.

Атап өтилгениндей, елимизде кейинги жыллары мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларының жәмийетшилик алдында турақлы есап бериў институтының енгизилгени, сондай-ақ, ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша түпкиликли реформалардың әмелге асырылғаны өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.

Бирақ әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бирге айырым мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер өз жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеўде кемшиликлерге жол қоймақта.

Атап айтқанда, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине ҳәр жылы жумыс бағдары бойынша ерискен тийкарғы жетискенликлер және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ушырасып атырған кемшиликлер бойынша рәсмий веб-сайты арқалы жәриялап барыў ўазыйпасы жүкленген болса да, бул мағлыўматлар жәрияланбаған.

Буннан тысқары, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын көрип шығыўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығына байланыслы пикир-усыныслары үйренилмеген, халықты тәшўишке салып атырған әҳмийетли машқалаларды нызамлы шешиў мақсетинде «Mening fikrim» веб-порталы арқалы додалаў жумыслары әмелге асырылмаған.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар жетерли дәрежеде муўапықластырылмағанлығы ақыбетинде олар тәрепинен тийисли мағлыўматлар ашық мағлыўматлар порталы (data.egov.uz) ҳәм рәсмий веб-сайтларға жайластырылмаған.

Атап айтқанда, 135 мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң 2021-жыл төртинши шереги бойынша мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы мағлыўматларды таллаўда көрсетилгениндей, олардың  80 и ямаса 60 проценти усы мағлыўматларды белгиленген ресурсларға жайластырмаған. Ямаса хызмет сапарлары ҳәм сырт еллерден келген мийманларды күтип алыў қәрежетлери бойынша есабатлар 88 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкем тәрепинен өз ўақтында ашықланбаған.

Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларына ижара ҳуқықын бериў бойынша ашық таңлаў жеңимпазлары ҳаққындағы мағлыўматлар министрлик сайтында жәрияланбаған.

Мәдений мийрас агентлиги тәрепинен мәмлекеттиң қорғаўына алынған материаллық мийрас объектлери аймағында исбилерменлик жумысын алып барыў ушын берилген руқсатнама ийелери ҳаққындағы мағлыўматлар толық жәрияланбаған.

Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети тәрепинен аңшылық хожалықлары ҳаққындағы мағлыўматлар, соның ишинде, аңға шығыў қадаған етилген орынлар, белгили бир аңға шығыў орынларында аң аңлаў ушын қадаған белгиленгенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар турақлы жаңалап барылмағаны жәмийетшиликтиң үлкен наразылығына себеп болған.

Республикамыздағы 204 район ҳәм қала ҳәкимликлериниң 43 инде рәсмий веб-сайтлары ислемейди.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўларға байланыслы мағлыўматлар, қәрежетлер сметасы ҳәм оның орынланыўы, хызмет сапарлары ҳәм сырт еллерден келген мийманларды күтип алыў қәрежетлери, лицензия ҳәм руқсат етиў ушын жуўапкерлер ҳаққында мағлыўмат, жеңил автомобильлер, хызмет үйлери ҳәм басқа да зәрүр мағлыўматлар жәмийетшиликке толық жәрияланбай атыр.

Мәжилисте ҳүкиметке мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң социаллық әҳмийетке ийе мағлыўматларды өз мүддетинде жәрияламаған және кемшиликлерге жол қойған басшылардың жумысын сын көзқарастан көрип шығыў ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бойынша ўазыйпа қойылды.

Соң Сенаттың жалпы мәжилисинде қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығы тараўын раўажландырыў ушын көрилип атырған илажлар ҳаққында Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланды.

Бул парламентлик сораўдың нәтийжелери 2021-жыл 21-октябрьде Сенаттың жалпы мәжилисинде додаланып, ҳүкимет тәрепинен айырым мәселелерге анық жуўап берилмегенлиги атап өтилген еди.

Атап айтқанда, сенаторлар тәрепинен төмендеги мәселелер сынға алынған және Сенат қарары менен қосымша мүддет ҳәм тапсырмалар берилген еди:

қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығын тәртипке салатуғын нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер менен тәртипке салынатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде бослықлар бар ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған илажлар көрилмеген;

қәнигелескен мәкемелердиң материаллық-техникалық тәмийнаты ҳәм модернизациялаў, атап айтқанда ПЦР аппаратлары, гемоцитоферез, плазмаферез, иммуногематологиялық анализатор ҳәм ИФА-анализатор ҳәм басқа да үскенелер менен тәмийинлеў бойынша анық илажлар белгиленбеген;

усы мақсетлер ушын грантлар ажыратыў режелестирилген болса да, ҳәзирги күнге шекем грантлар тартыў бойынша анық нәтийжелерге ерисилмеген;

қан қуйыў мәкемелеринде гемаконлар (бир мәртелик системалар ҳәм контейнерлер ямаса қан қуйыў пакетлери), қан сақлаў ҳәм транспортировка әсбапларының муғдар ҳәм сапа көрсеткишлериниң қадағалаўы анық жарытылмаған;

қан хызмети автоматласқан мәлимлеме системасына барлық қәнигелескен мәкемелер байланыспаған, мәлимлеме системасының жумыс даўамында қолланылыўы және енгизилиўи рәсмиятшылық ушын шөлкемлестирилип, системаны жетилистириў жумыслары талап дәрежесинде емес.

Додалаўда ҳүкимет тәрепинен усы мәселе толық үйренип шығылғанлығы, бир қатар унамлы жумыслардың әмелге асырылғанлығы атап өтилди.

Соның менен бирге, айырым мәселелердиң шешими бойынша анық илажлар белгиленбеген. Нәтийжеде қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў, қан менен ислесиў хызмети мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, мобил «донорлық комплекс»лериниң санын көбейтиў, кеўилли ҳәм бийғәрез донорлықты раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелердиң шешими артқа сүрилмекте.

Сондай-ақ, қан хызмети мәлимлеме системасын әмелиятта қолланыў бойынша жумыслар басланған болса да, системаға қойылған талаплар толық әмелиятта қолланылмаған.

Сенаторлар тәрепинен Министрлер Кабинетине қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығын раўажландырыў бойынша концепция ислеп шығылыўын шөлкемлестирип, онда парламентлик сораўдағы машқалаларды сапластырыўды нәзерде тутыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Қан ҳәм қурамлық бөлеклери донорлығы тараўын раўажландырыў ушын көрилип атырған илажлар турақлы қадағалаўда болыўы бойынша Сенат қарары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша комитетиниң 2020-2021-жыллардағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Комитет тәрепинен есап бериў дәўиринде нызамшылық ҳәм парламент қадағалаўы жумысы шеңберинде 41 мәжилис өткерилип, оларда 85 мәселе додаланған.

Парламенттиң төменги палатасынан келип түскен Комитет жумысының бағдарына тийисли болған 15 нызам қәниге ҳәм экспертлердиң қатнасыўында дәслепки тәризде көрип шығылған. Нызамлардың 13 ин мақуллаў ҳәм 2 еўин бийкарлаў ҳаққында Комитет жуўмақлары Сенат жалпы мәжилисине киргизилген.

Нызам дөретиўшилиги жумысының сапасын арттырыў, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый жақтан тәмийинлениўине жәрдемлесиў мақсетинде Комитет тәрепинен 9 нызамның орынланыў жағдайы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты үйренилип, нәтийжелери Сенат Кенгашине киргизилген.

^йрениў нәтийжелери бойынша тараўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлерин және де жетилистириўге қаратылған усыныслар Министрлер Кабинетине берилген.

Аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде 22 илаж өткерилген. Министрлик, уйымлар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының 2 есабаты ҳәм 11 мәлимлемеси тыңланған.

Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары, орынларда халық пенен ушырасыўлар ҳәм көшпели қабыллаўларда және жәмийетшилик тәрепинен көтерилген мәселелер бойынша 3 парламент сораўы жиберилип, Комитет мәжилислеринде ҳәм Сенаттың жалпы мәжилислеринде додаланған.

Комитет усынысы тийкарында Сенаттың жалпы мәжилисинде 14 мәселе көрип шығылып, аймақларда 5 нызам және мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы орнатылған. Нәтийжелери бойынша Комитеттиң 6 қарары қабыл етилген.

Есап бериў дәўиринде дийқан ҳәм қыйтақ жер хожалықлары жумысы ҳәм олар ушын жаратылған жеңилликлер, соның менен бир қатарда, аўыл хожалығында ресурс үнемлеўши заманагөй суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша белгиленген ўазыйпалардың аймақларда орынланыў жағдайы үйренилген.

Нәтийжеде мәнзилли бағдарлама ислеп шығылып, бул бағдарламаға тийкарланып 488 талабанға 44 млрд сумнан артық субсидия қаржылары ажыратып берилген. Сондай-ақ, 12 мыңнан аслам халықтың 2 мың гектар майданы суў менен тәмийинленип, қосымша өним алыў имканияты жаратылған.

Соның менен бирге, Комитет ағзалары нызамларды жергиликли Кеңеслерде додалаў, аймақлар ҳәм тараўларда нызамлар, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын үйрениў бойынша  342 илаж, 119 дөгерек сәўбети, 94 семинар, 21 конференция, 6 форум және 10 халықаралық әнжуманға қатнасқан.

Комитет ағзалары тәрепинен Сенатта ҳәм орынларда 3 мыңнан аслам пуқара қабыл етилип, өз сайлаўшылары менен турақлы ушырасыўлар өткерилген және 61 сенатор сораўы жиберилген.

Сенатқа келип түскен 3 мыңға шамалас мүрәжатлар Комитет тәрепинен көрип шығылып, 41 проценти унамлы шешилген, сондай-ақ, қалғанлары тийислилиги бойынша министрликлер ҳәм уйымларға жиберилип, түсиниклер берилген. Комитеттиң орынлардағы ағзалары тәрепинен болса 10 мыңнан аслам мүрәжат үйренилип, олардың 9 мыңға шамаласы шешилген.

Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң қарарларынан наразы болған халық тәрепинен Сенатқа жолланған мүрәжатлардың 8 и Комитет тәрепинен көрип шығылып, Сенат  қарарына тийкарланып бийкар етилген.

Додалаў процесинде Комитеттиң әмелге асырылған жумыслар менен бирге, пайдаланылмай атырған имканиятлары бар екенлиги де атап өтилди.

Соның ишинде:

аўыл хожалығы тараўында «мәҳәлле кесиминде» ҳәм «хожалық кесиминде» исбилерменликти үгит-нәсиятлаў, жумысшы орынлар жаратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў тийкарында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын турақлы түрде баҳалап барыў;

жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша қадағалаў-таллаў жумысларын күшейтиў және топырақ эрозиясы ҳәм деградациясының алдын алыўға қаратылған үйрениўлер алып барыў;

халықты исбилерменликке кеңнен тартыў және мәмлекет тәрепинен қаржылай қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларда нәтийжелилик, ашық-айдынлықты тәмийинлеў сыяқлы мәселелер Комитет тәрепинен әмелге асырылыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Додалаўлар соңында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Жигирма төртинши жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманлары ҳәм Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарлары да тастыйықланды.

Жигирма төртинши жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен 18 мәселе, соның ишинде 9 нызам додаланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

ӨзА