«Әссалам, Наўрыз-жаӊаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» деген ийгиликли идея тийкарында улыстыӊ уллы күни Наўрыз сейили Нөкис районындағы «Шортанбай» елатында да көтериӊки кейпиятта белгилеп өтилди.

Усы күни аймақ орайындағы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектеби әтирапы ҳәр қашанғыдан да гөззал түске енди. Онда халқымызға тән болған миллий тағамлар орын алған дастурханлар жайылып, олардан байрам сейилине қатнасыўшылар дәм татысты. Қыз-келиншеклер ҳәм жигит-қызлар айтысқа шығып, өзлериниӊ шешенлик өнерин көрсеткен болса, мектеп оқыўшылары балалардыӊ миллий ойынлары ҳәм қосықларын атқарып дуйым журттыӊ кеўлин қуўанышқа бөледи.

Ал, миллий гүрес, қошқар дүгистириў, ат шабыс, ылақ-көкпары ойыны бойынша өткерилген жарыслар болса, жас балалардыӊ миллий спорт түрлерине деген сүйиспеншилигин оятты.

Наўрыз сейилине район ҳәкими Өмирбай Уснатдинов та қатнасып, аймақ халқын байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм быйылғы жылдыӊ дийқан-фермерлеримиз ушын қолайлы болып келиўин тиледи.

Алмагүл Жарменова,

Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 30-санлы мектептиӊ мәдений-дөретиўшилик мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги