«Салықшы-көмекши» принципи тийкарында жумысларды және де жетилистириў, сондай-ақ, салық ҳәкимшилиги, жаңа салық есабатлары, ондағы өзгерислерди салық төлеўшилерге жеткериў мақсетинде  Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен орынларда семинарлар  шөлкемлестирилмекте.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы  басқармасында өткерилген семинарда исбилерменлерге салық нызамшылығындағы соңғы өзгерислер, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының усы жыл 11-март күнги «Салық ҳәкимшилиги жетистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамы туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Буннан былай, саўда ямаса хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў алдынғы нызамшылықтағы «бир есесинен бес есесине шекем» ҳәм «бес есесинен жети есесине шекем» емес, ал «…он есесине шекем» ҳәм «…жигирма есесине шекем» қолланылады.

Сондай-ақ, товарларды (өнимлерди) олардың сапасын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерсиз сатыў яки мәжбүрий түрде санлы маркировкалаў қағыйдаларын бузыў, салықлар ямаса басқа мәжбүрий төлемлерди төлеўден бас тартыў, салық салыў объектлериниң есап-санағын ҳәм есабатын алып барыў бойынша белгиленген тәртип-қағыйдаларды, сондай-ақ, төлем интизамын бузыў бойынша да тәртип-қағыйдаларға өзгерислер киргизилген.

Мәселен, хожалық жүргизиўши субъектлердиң азық-аўқат өнимлерин ҳәм санаат товарларын (өнимлерин) олардың сапасы ҳәм ислеп шығарыў маркасын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерсиз сатыўы, тап усындай сатыў мақсетинде алыўы – товарларды (өнимлерди) конфискациялап, пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекем, физикалық тәреплерге болса – бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

– Мен семинарда нызамшылықтағы бир қатар өзгерислер туўралы мағлыўмат алдым,-дейди исбилермен Г.Турымова. – Соның менен бирге, қәнигелерге өзимниң жумыс алып барыўым даўамында ушырасатуғын айырым мәселелер, атап айтқанда, «жеке кабинетте»ги айырым ҳүжжетлерди толтырыўдың мүддетин созыў  бойынша да пикир-усынысларымды билдирдим.

Қатнасыўшылар салыққа байланыслы мәселелер бойынша интернет тармағындағы арнаўлы сайтлардан пайдаланыўдағы бир қатар мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги