Усы жыл 20-март күни Нөкис қаласындағы бир нешше орынларда жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамы сейиллери өткерилди.

Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда «Әссалам Наўрыз-жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» сүрени астында улыўма халықлық театрластырылған әдебий-музыкалы хореографиялық байрам тамашасы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша байрамға кең көлемдеги таярлық жумыслары алып барылды.

Нөкис қаласының дыққатқа ылайықлы орынларының бири болған бул  майдан ҳәр қашанғыдан да гөззал көриниске бөленген. Әтирапқа халқымызға әзелден мийрас болып киятырған Наўрыз байрамына арналған шақырық-сүренлер жайластырылған. Ғайры нағыслар менен безелген қара үйлер тигилип, миллий буйымлар, саз-әсбаплар ҳәм миллий тағамлар көргизбеси шөлкемлестирилген. Әсиресе, елимизде кеңнен раўажланып атырған өнерментшиликке айрықша итибар қаратылған.

Көп жыллық тарийхқа ийе Наўрыз -шығыс халықларының жаңа жылы өзиниң жаңаланыў, бәҳәр нәпесин баслап келиўи, халқымыздың тәбияты, жүреклерине терең сиңип кеткени, ҳәр бир шаңараққа қуўаныш алып келиўи менен әҳмийетли миллий байрам болып табылады. Миллий қәдириятларымызды өзинде жәмлеген бул күн халқымызға тән кеңпейиллик, инсаныйлық, соның менен бирге, мийрим-шәпәәт әййямы есапланады. Бәҳәрдиң кирип келиўи менен атайы дийқанларымыз, фермерлеримиз үлкен нийетлер менен жерге туқым шашпақта.

Концерт бағдарламасы «Бәҳәр, бәҳәр!» атамасындағы композиция менен басланды. Буннан кейин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры, «Айқулаш жулдызлары» қарақалпақ миллий фольклор ансамбли, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы, «Өзбекконцерт» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлимлери, «Мақом» ансамбли, қалалық ҳәм районлық мәденият бөлимлериниң хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының студент-жаслары, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасын халқымыз узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен тамаша етти.

Жас спортшылардың көргизбели шығыўлары, «Қыз жигитлер айтысы», республикамызда жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң дослығын сәўлелендириўши «Халықлар дослығы» композициялары сейил қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.

Наўрыз – жаңа күн – бәҳәр байрамы әййемги дәўирлерден берли кең түрде белгиленип келинбекте. Ата-бабаларымыздан мийрас болып, усы күнге шекем даўам етип киятырған бул байрам ҳәр жылы өзгеше, көтериңки кейпият, заманға ылайық жаңалықлары менен белгиленип, халқымызға қуўаныш бағышламақта.

Наўрыз байрамына бағышланған театрластырылған ҳәм әдебий-музыкалы хореографиялық байрам тамашалары Нөкис қаласындағы Жаслар орайы алдындағы майданда да көтериңкилик руўхында болып өтти.

Майдан рәңбәрең гүллер менен безелип, декорациялар майданшаға өзгеше сән бағышлаған. Сыпалар қатар дизилип, қара үйлер қурылған. Жайылған дастурханлар миллий тағамларға толы. Байрам себепли сейилге шыққан жаслар да, қур әтирапында қатар турып, байрам илажларын тамашалап, кеўил көтерди.

Байрам сейилинде қара үйлер тигилип, өнерментлер таярлаған миллий буйымлар көргизбеси, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар өткерилип, китап текшелери, көшпели саўда дүканлары шөлкемлестирилди.

«Жасарыў ҳәм жаңаланыў, жаңа ай, жаңа жыл басы болған Наўрыз әййямы бәршеңизге мүбәрек болсын!», деген жақсы тилеклер менен, байрам илажлары басланды.

Илаж «Хош келдиң Наўрыз!»  қосығы менен басланды. Өзинде миллий дәстүрлерди сәўлелендирген «Қыз узатыў» композициясы, белгили ҳәм жас бақсылар тәрепинен миллий намалар менен қосықлар атқарылды. Спорт тараўында елимизди дүньяға танытып атырған жас спортшылар ҳәм басқа да спорт шеберлери сахнаға шығып, өнерлерин көрсетти. Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры актёрларының атқарыўында «Наўрыз гөже» композициясы қойып берилип, белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы қосықлар тыңланды.

Сондай-ақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, корейс халықларының қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылып, республикамыз аймағында жасап, бахытлы турмыс кеширип атырған туўысқан халықлардың миллий дәстүрлерине тән мәденияты сәўлелендирилди. Жоқары оқыў орынларының «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» командалары да ҳәзил-дәлкек шығыўлары менен  қатнасты.

– Наўрыз байрамы барлық орынларда, қала ҳәм районларда, кәрханаларда, оқыў орынларында өзине тән көтериңки кейпият пенен өткериледи. Байрам күни ҳәр қыйлы жарыслар, нураныйлар менен сәўбетлесиўлер болады. Витаминге бай бәҳәрги тағамлар таярланған дастурханлар жайылып, жаслар хызметте болады. Мен 41 жылдан берли суў хожалығы тараўында мийнет етип, ҳәзирги ўақытта напақадаман. Быйылғы байрам илажына шақырып, ҳүрмет көрсеткенинен қуўанышлыман. Илайым елимизде бәрқулла усындай тынышлық, молшылық даўам ете бергей,-дейди мийнет ветеранларының бири Али Толыбаев.

«Истиқлол» балалар дем алыў орайы ҳәр қашанғыдан да азада ҳәм гөззал етип безелген. Орайда «Әссалам, Наўрыз-жаӊаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» деген ийгиликли идея тийкарында жасалма көл әтирапына қараүйлер қурылып, балалардыӊ мәдений дем алыўы ушын ҳәр қыйлы кеўил ашар ойынлар, көркем-әдебий китаплар, қол өнери көргизбеси  шөлкемлестирилди.

Әндижан ўәлаятынан келген дәрўазшылар топары, пайтахтымыздағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар дөретиўшилик мектеби жәмәәтлериниӊ тәрбияланыўшылары ҳәм республикамызға белгили көркем өнер шеберлери өзлериниӊ заўықлы дөретпелери менен халқымызға хызмет көрсетти.

Ал, көл әтирапында шөлкемлестирилген қурда болса, билеги күшли палўанлар, тас көтериўши жигитлер ҳәм арқан тартысыўшы командалар арасында   спорт жарыслары өткерилди.

Әсиресе, пүткил халқымыз сүйип тамашалайтуғын миллий спорт жарысларымыз байрамды тамашалаўға келген толайым журтта айрықша қызығыўшылық оятты.

Атап айтатуғын болсақ, миллий гүрес беллесиўлери ерлер арасында -81 ҳәм абсолют салмақ категориясында өткерилген болса, қызлар 70 кг салмақта бас байрақ ушын өз-ара беллести.

10 нан аслам палўанлар бириншилик ушын гүрескен 81 килограммға шекемги палўанлар беллесиўинде финалда шымбайлы Сипатдин Нуратдинов, әмиўдәрьялы Санжар Шеримбетов пенен гүреске түсип, онда Санжар палўан жеӊиске ерискен болса, қызлар арасында мойнақлы Узақбаева Сабрина нөкисли Азада Медетбаеваны таза жеӊис пенен утып шығыўға миясар болды.

Ал, абсолют салмақ категориясында финалда  әмиўдәрьялы  Ислам Тазабаев нөкисли Асқар Ибрагимовты жеӊилиске ушыратқан болса, 3-орын кегейлиши Бахтияр Барлықбаевқа несип етти.

Тас көтериў жарысында болса, нөкисли Арыслан Жапақов 24 кглық гир тасты 55 мәрте көтерип биринши, Бахыт Шуўақбаев 49 рет көтерип екинши, республикамызға белгили қылышпаз спортшылардыӊ тренери Дәўирбек Жийемуратов 47 мәрте көтерип 3-орынды жеӊип алды.

Командалар арасында өткерилген арқан тартысыў жарысыныӊ финалында Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша жоқары спорт шеберлиги мектеби жәмәәти Нөкис Олимпия ҳәм параолимпия резервлери колледжи жигитлери менен өз-ара күш сынасты. Онда Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби жәмәәти бас байрақты жеӊип алыўға миясар болды. Сыйлы 3-орынды болса, 3-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер мектеби жеӊип алды.

Жеӊимпазлар Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен таярланған саўғалар менен мүнәсип түрде сыйлықланды.

Нөкис қаласында өткерилген Наўрыз сейиллерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамына бағышланған сейиллер қала, районларда, алыс аўыл аймақларда, мәҳәллелерде, мийнет жәмәәтлеринде болып өтпекте.

Д.Абибуллаев,

Ә.Жиемуратов,

Ә.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшылары.

М.Хабибуллаевтың түсирген сүўретлери.