Бүгин пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайы ҳәр қашанғыдан да азада ҳәм гөззал етип безелген. Орайда «Әссалам, Наўрыз-жаӊаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» деген ийгиликли идея тийкарында жасалма көл әтирапына қараүйлер қурылып, балалардыӊ мәдений дем алыўы ушын ҳәр қыйлы кеўил ашар ойынлар, көркем-әдебий китаплар, қол өнери көргизбеси  шөлкемлестирилген.

Әндижан ўәлаятынан келген дәрўазшылар топары, пайтахтымыздағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар дөретиўшилик мектеби жәмәәтлериниӊ тәрбияланыўшылары ҳәм республикамызға белгили көркем өнер шеберлери өзлериниӊ заўықлы дөретпелери менен халқымызға хызмет көрсетпекте.

Ал, көл әтирапында шөлкемлестирилген қурда болса, билеги күшли палўанлар, тас көтериўши жигитлер ҳәм арқан тартысыўшы командалар арасында   спорт жарыслары өткерилмекте.

Әсиресе, пүткил халқымыз сүйип тамашалайтуғын миллий спорт жарысларымыз байрамды тамашалаўға келген толайым журтта айрықша қызығыўшылық оятты.

Атап айтатуғын болсақ, миллий гүрес беллесиўлери ерлер арасында -81 ҳәм абсолют салмақ категориясында өткерилген болса, қызлар 70 кг салмақта бас байрақ ушын өз-ара беллести.

10 нан аслам палўанлар бириншилик ушын гүрескен 81 килограммға шекемги палўанлар беллесиўинде финалда шымбайлы Сипатдин Нуратдинов, әмиўдәрьялы Санжар Шеримбетов пенен гүреске түсип, онда Санжар палўан жеӊиске ерискен болса, қызлар арасында мойнақлы Узақбаева Сабрина нөкисли Азада Медетбаеваны таза жеӊис пенен утып шығыўға миясар болды.

Ал, абсолют салмақ категориясында финалда  әмиўдәрьялы  Ислам Тазабаев нөкисли Асқар Ибрагимовты жеӊилиске ушыратқан болса, 3-орын кегейлиши Бахтияр Барлықбаевқа несип етти.

Тас көтериў жарысында болса, нөкисли Арыслан Жапақов 24 кглық гир тасты 55 мәрте көтерип биринши, Бахыт Шуўақбаев 49 рет көтерип екинши, республикамызға белгили қылышпаз спортшылардыӊ тренери Дәўирбек Жийемуратов 47 мәрте көтерип 3-орынды жеӊип алды.

Командалар арасында өткерилген арқан тартысыў жарысыныӊ финалында Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша жоқары спорт шеберлиги мектеби жәмәәти Нөкис Олимпия резервлери мектеби жигитлери менен өз-ара күш сынасты. Онда спорт шеберлиги мектеби жәмәәти бас байрақты жеӊип алыўға миясар болды. Сыйлы 3-орынды болса, 3-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер мектеби жеӊип алды.

Жеӊимпазлар Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен таярланған саўғалар менен мүнәсип түрде сыйлықланды.

Байрам тамашаларына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасарлары А.Данияров, Р.Зарикеев, Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаев, сенатор У.Жәлменовлар қатнасты.

Дем алыў орайында байрам илажлары даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.