Наўрыз – жаңа күн – бәҳәр байрамы әййемги дәўирлерден берли кең түрде белгиленип келинбекте. Ата-бабаларымыздан мийрас болып, усы күнге шекем даўам етип киятырған бул байрам ҳәр жылы өзгеше, көтериңки кейпият, заманға ылайық жаңалықлары менен белгиленип, халқымызға қуўаныш бағышламақта.

«Әссалам, Наўрыз – жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» атамасындағы улыўмахалықлық Наўрыз байрамына бағышланған театрластырылған ҳәм әдебий-музыкалы хореографиялық байрам тамашалары Нөкис қаласындағы Жаслар орайы алдында да көтериңкилик руўхында болып өтти.

Байрам илажы өткерилетуғын майдан рәңбәрең гүллер менен безелип, декорациялар майданшаға өзгеше сән бағышлаған. Сыпалар қатар дизилип, қара үйлер қурылған. Жайылған дастурханлар миллий тағамларға толы. Байрам себепли сейилге шыққан жаслар да, қур әтирапында қатар турып, байрам илажларын тамашалап, кеўил көтерди.

Байрам сейилинде қара үйлер тигилип, өнерментлер таярлаған миллий буйымлар көргизбеси, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар өткерилип, китап текшелери, көшпели саўда дүканлары шөлкемлестирилди.

«Жасарыў ҳәм жаңаланыў, жаңа ай, жаңа жыл басы болған Наўрыз әййямы бәршеңизге мүбәрек болсын!», деген жақсы тилеклер менен, байрам илажлары басланды.

Илаж «Хош келдиң Наўрыз!»  қосығы менен басланды. Өзинде миллий дәстүрлерди сәўлелендирген «Қыз узатыў» композициясы, белгили ҳәм жас бақсылар тәрепинен миллий намалар менен қосықлар атқарылды. Спорт тараўында елимизди дүньяға танытып атырған жас спортшылар ҳәм басқа да спорт шеберлери сахнаға шығып, өнерлерин көрсетти. Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры актёрларының атқарыўында «Наўрыз гөже» композициясы қойып берилип, белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы қосықлар тыңланды.

Сондай-ақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, корейс халықларының қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылып, республикамыз аймағында жасап, бахытлы турмыс кеширип атырған туўысқан халықлардың миллий дәстүрлерине тән мәденияты сәўлелендирилди. Жоқары оқыў орынларының «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» командалары да ҳәзил-дәлкек шығыўлары менен  қатнасты.

– Наўрыз байрамы барлық орынларда, қала ҳәм районларда, кәрханаларда, оқыў орынларында өзине тән көтериңки кейпият пенен өткериледи. Байрам күни ҳәр қыйлы жарыслар, нураныйлар менен сәўбетлесиўлер болады. Витаминге бай бәҳәрги тағамлар таярланған дастурханлар жайылып, жаслар хызметте болады. Мен 41 жылдан берли суў хожалығы тараўында мийнет етип, ҳәзирги ўақытта напақадаман. Быйылғы байрам илажына шақырып, ҳүрмет көрсеткенинен қуўанышлыман. Илайым елимизде бәрқулла усындай тынышлық, молшылық даўам ете бергей,-дейди мийнет ветеранларының бири Али Толыбаев.

Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.