Усы жыл 19-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма алтыншы сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкиметиниң ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тәртибинде дәслепки мәселе «Тоғай ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакциядағы) жойбары туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша комитети баслығы Д.Утамбетов баянат жасады. «Тоғай ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының әмелдеги Нызамы буннан 22 жыл бурын, яғный 1999-жылы 28-августта қабыл етилген. Усы Нызам қабыл етилген ўақыттан берли өткен дәўир ишинде елимизде демократиялық реформалар тереңлестирилип, экономиканы либералластырыў бойынша мақсетли сиясат алып барылды. Нәтийжеде барлық тараўларда түпкиликли унамлы өзгерислер жүз берди.

Бундай жағдайларда әмелдеги Нызамда түрли бослықлардың, ҳуқықый қағыйдалардың, айырым нормалардың тараў менен байланыслы басқа да  нызам ҳүжжетлериниң нормалары өз-ара қайшы келиўи бир қатар ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде көп ғана машқалаларды келтирип шығармақта. Сонлықтан әмелдеги Нызамның 40  статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, 15 статьяға жаңадан қосымша нормаларды ҳәм жаңадан 22 статьяны киргизиў усыныс етилди.

Нызам жойбары бойынша 35-санлы «Қыпшақ» сайлаў округинен депутат Я.Ешмуратов шығып сөйледи. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси  ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары туўралы болып,  бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитети баслығы З.Реймова баянат жасады.

Баянатта атап өтилгениндей, ҳәрекеттеги Нызам 6 бөлим 21 статьядан ибарат болса, ислеп шығылған жаңа редакциядағы Нызам жойбары 11 бап 52 статьядан ибарат болып, бул Нызамның қабыл етилиўи арқалы Министрлер Кеңесиниң жумысын шөлкемлестириўдиң сапа жағынан жаңа, нәтийжели усыллары ҳәм заманагөй механизмлер енгизиледи. Ҳүкимет ағзаларының мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ҳәм өзлерине бириктирилген тараўларда анық нәтийжелерге еирисиў ушын жеке жуўапкершилиги арттырылады. Министрлер Кеңесиниң тармақ ҳәм тараўлардағы ўәкилликлери анық белгилеп берилген ҳалда оның бул тараўларды раўажландырыў бойынша жуўапкершилиги күшейтиледи. Тараўға тийисли ҳуқықты қолланыў әмелиятының анық ҳәм бирдей болыўы тәмийинлениўине ерисиледи.

Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбетқадыров шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда сондай-ақ, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2021-жылдың екинши ярымында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында усы басқарма баслығының есабаты тыңланды. Бул мәселе бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Арзиевтиң есабатында атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың талапларын орынлаў мақсетинде  2021-жылдың екинши ярымында Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен ис жүргизиўдеги салық қарыздарлығын өндириў менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери бойынша 443 миллиард 385 миллион сум, жынаят нәтийжесинде мәмлекетке жеткерилген зыянларды өндириў менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери бойынша 865,6 миллион сум, мәмлекетлик бажы өндириў менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери бойынша 14 миллиард 268,8 миллион сум ҳәм ҳәкимшилик жәриймаларды өндириў менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери бойынша 4 миллиард 248 миллион сум өндирилген.

Буннан басқа, банклердиң пайдасына кредит қарыздарлығын өндириў менен байланыслы ис жүргизиўдеги 632 милиард 918,6 миллион сумлық  11416 орынлаў ҳүжжетлеринен 374 миллиард 209,2 миллион сумлық 4643 орынлаў ҳүжжетлери тамамланып, 111 миллиард 257,9 миллион сумлық қарыздарлықтың өндирилиўи тәмийинленген.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессия күн тәртибинен Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен 2021-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында усы комитет баслығының есабаты тыңланды. Депутатлар бул мәселе бойынша  тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин 2021-жылдың екинши ярымында орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбеткадыровтың мәлимлемеси тыңланып, тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги республикамызда ишимлик суў ҳәм ақаба суў системасын жақсылаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққындағы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Е.Аташовтың мәлимлемеси тыңланды. Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.

Ҳәкимлер тәрепинен қарарлар қабыл етилиўинде нызам ҳүжжетлерине  әмел етилиўи жағдайы бойынша  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине парламентлик сораў жибериў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы мәселелер көрип шығылып, бул бойынша да депутатлар тийисли  қарарлар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.