Елимиз бойлап жаңаланыў, жасарыў тымсалы болған Наўрыз байрамы көтериңки руўхта белгиленбекте.

Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде де Наўрыз улыўмахалықлық байрамы мүнәсибети менен «Ҳәр күниң болсын, Наўрыз» атамасында еки күн алдын басланған байрам илажы кең көлемли байрам илажларына уласып, халық сейилине айланды.

Илажда миллий тағамлар, қол өнери, сахналық көринислер, миллий кийим-кеншеклер көргизбелери өткерилди.

Тараў басшылары ҳәм нураныйлар шығып сөйлеп, усы байрам ҳәм оның әҳмийетине тоқтап өтип, халқымыздың абаданлығы, елимиздиң тынышлығы, ул-қызларымыздың бахытлы турмысын тилеп, жақсы нийетлерин билдирди. Усындай жақсы нийетлер менен мийнет жәмәәти биргеликте Наўрыз сүмелегин қайнатты.

Илажда белсендилик көрсеткен бирлеспениң бир қатар медицина хызметкерлери қымбат баҳалы байрам саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.