«Әссалам, Наўрыз-жаӊаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы» деген ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген Наўрыз байрамы республикамыздыӊ барлық орынларында болғаны сыяқлы Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы ҳәм Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалында да үлкен көтериӊкилик пенен кеӊнен белгилеп өтилди.

Онда Өзбекстан мәмлекетлик Дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры Б. Мамбетов, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы директоры А. Қайыпбергеновлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды Наўрыз байрамы менен қутлықлады. Илажда жақында ғана Иорданияныӊ Амман қаласында жаслар арасында бокс бойынша өткерилген Азия чемпионатында жеӊимпазлықты қолға киргизген Денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студенти Сухраб Аминовқа педагогикалық жәмәәттиӊ байрам саўғасы тапсырылды.

Буннан соӊ республикамызға белгили көркем өнер хызметкерлери ҳәм талантлы студент жаслар тәрепинен байрам қатнасыўшыларына сахналастырылған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы қойып берилди.

Сондай-ақ, илажда филиал студентлери арасында миллий кийимлер ҳәм тағамлар көргизбеси, миллий спорт ойынлары бойынша жарыслар шөлкемлестирилип, жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ылайықлы түрде сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.