«Әҳмийетли 10 күнлик» шеңберинде халық  ўәкиллери болған депутатлардың өз сайлаўшылары менен ушырасып, жүзбе-жүз сәўбетлесиўи, пуқаралардың мүрәжатлары менен усынысларын үйрениўи орынларда шешимин күтип турған көплеген мәселелерди анықлаў ҳәм өз ўақтында унамлы шешиў ушын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ахмед Реймов усы илаж шеңберинде өзи  сайланған  аймақ  Нөкис қаласындағы «Бағшылық» мәҳәлле пуқаралар жыйынында өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Ушырасыўда  ҳәким  жәрдемшиси, МПЖ баслығы ҳәм аймақ  турғынлары қатнасты.

Халық ўәкили сайлаўшыларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин, сондай-ақ  усы жылдың 23-24-февраль күнлери Президентимиздиң  республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша белгилеп берген бир қатар әҳмийетли ўазыйпалары ҳаққында сайлаўшыларға кең түрде турмыслық мысаллар менен түсиндирип өтти.

Ушырасыўда  сайлаўшылардың машқала ҳәм усыныслары тыңланды.

Атап айтқанда аймақтағы «Балықшы», «Шадлық», «Т.Сәўир», «Қыпшақ»  ҳәм «Сәўир» көшелеринде электр бағаналары ҳәм сымларының тозыўы  жеткенлиги себепли жоқарыда көрсетилген көшелерде жайласқан 27 дана электр бағаналарын ҳәм 16 километрлик электр сымларын өзгертип  бериў, аймақта хожалық санының көплиги себепли электр тәмийнатын күшейтип бериўши қосымша трансформаторлар орнатыў,  «Татыўлық», «Наўрыз» ҳәм «Балықшы» көшелеринде  500 метрлик суў қубырларының насазлығы себепли жаңадан суў тармақларын тартыў, «Балықшы», «Наўрыз», «Шадлық», «Бағшылық», «Т.Сәўир», «Абаданластырыў», «Нураный»  ҳәм «Ч.Абдиров» көшелериниң  жарамсыз  жағдайға  келип қалғанлығы  себепли усы көшелерди асфальтлаў ҳәм жақтыландырыў мәселелери бойынша мүрәжат ҳәм усыныслары  тыңланды.

Көтерилген  машқалалардың  айырымлары  орынларда  сапластырылған болса, айырымлары тийисли шөлкемлер менен биргеликте  үйренип шығыўға ҳәм  қадағалаўға  алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.