Наўрыз байрамы пүткил республикамыз бойлап улыўмахалықлық сейил тәризинде өткерилип атырғаны, оған өзгеше пайыз ҳәм көтериңкилик бағышламақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Наўрыз байрамына бағышланған илаж өткерилип, музей имараты алдында қарақалпақ халқының миллий кийим-кеншек, миллий тутыныў буйымлары ҳәм тағамларының көргизбеси шөлкемлестирилди.

Байрам кешесинде Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасы баслығы Қ.Шарипов, музей директоры Ш.Пайзуллаевалар жыйналғанларды жаңаланыў ҳәм жасарыў пасылы — Наў­рыз байрамы менен  қутлықлап, бул байрам пүткил халқымызға, быйылғы жылдан үлкен үмитлер күтип жасап атыр­ған ҳәр бир инсанға оңынан келиўин тиледи.

Мәдений-ағартыўшылық илажда республикамызға белгили бақсылар ҳәм артистлердиң, жас талант ийелериниң атқарыўындағы қосықлар,  сейилге келген бәршеде өзгеше тәсирлер қалдырды.

Р.АРЗИЕВ,

Жетекши илимий хызметкер.

Қарақалпақстан хабар агентлиги