Бирлемши системаның қамтып алыўын кеңейтиў ҳәм жүклемени азайтыў мақсетинде буннан былай тәжирийбели шыпакерлердиң жеке тәртиптеги шаңарақлық шыпакерлик жумысын жүргизиўге рухсат бериледи.

Жеке тәртиптеги шаңарақлық шыпакерлерге, халыққа бийпул көрсетилип атырған хызметлер ушын төлем басқышпа-басқыш Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы бериледи.

Шаңарақлық шыпакер пунктлери, шаңарақлық ҳәм көп тармақлы поликлиникаларда стационар медициналық хызметлер күндиз саат 13-00 ге шекем жумыс ислемекте.

Сол себепли, шаңарақлық шыпакер пунктлери, шаңарақлық ҳәм көп тармақлы поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақты саат 20-00 ге шекем созылады. Оларда жумыс ислейтуғын шыпакер ҳәм мийирбийкелердиң мийнет ҳақысына қосымша үстеме төленеди.

2022-жыл 1-майдан баслап:

– барлық көп тармақлы орайлық поликлиникаларда балалар бөлими шөлкемлестириледи;

– 17 мыңнан аслам медицина бригадаларына және қосымша 8,5 мың балалар мийирбийкеси ҳәм акушер штатлары бериледи.

2022-жыл 1-июльдан баслап 3-15 жасар балаларға йод препаратлары мәмлекет тәрепинен бийпул тарқатылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги