Ҳәр жылы 2 мыңнан зыят қәнигели шыпакерлер пенсияға шығады. Келип түскен мүрәжатларда олардың 60 проценти өз жумысын даўам еттириў тилегин билдирген.

Бирлемши система менен қамтыўды кеңейтиў ҳәм жүклемени азайтыў мақсетинде, енди бундай тәжирийбели шыпакерлердиң жеке тәртиптеги шаңарақлық шыпакерлик жумысын жүргизиўге рухсат етиледи.

Бул ушын:

– айрықша клиника ашыў талап етилмейди, ал бул категориядағы шыпакерлер өз үйинде ямаса ижараға алынған имаратта медициналық хызметлер көрсетиўи мүмкин болады;

– жеке тәртиптеги шаңарақлық шыпакерлерге халыққа бийпул көрсетилип атырған хызметлер ушын төлем басқышпа-басқыш Мәмлекетлик қамсызлардырыў қоры арқалы бериледи.

Бул тәжирийбе дәслеп Сырдәрья ўәлаятында басланады. Кейин ала зәрүр таярлықты көрип, басқышқа-басқыш барлық аймақларда енгизиледи.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги