«Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм «Қазақстан темир жолы» АЖның өз ара келисимине муўапық, Қазақстан Республикасына усы жылдың 1-апрель күнинен баслап «Нөкис – Бейнеў – Нөкис» жөнелисиндеги 647/648-санлы жолаўшы поездиниң қатнаўы жолға қойылады. Бул ҳаққында «Өзбекстан темир жоллары» АЖ мәлим етти.

Хабарда жазылыўынша, бул поезд «Нөкис» вокзалынан ҳәптениң ҳәр шийшемби, жума ҳәм екшемби күнлери, сондай-ақ, «Бейнеў» станциясынан ҳәр дүйшемби, сәршемби ҳәм шемби күнлери жөнеп кетеди.

Ҳәрекетлениў даўамында бул поезд «Хожели», «Қоңырат», «Жаслық», «Қарақалпақстан» станцияларында да тоқтап өтеди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2020-жылдың март айында коронавирус пандемиясы себепли дүнья жүзиндеги дерлик барлық мәмлекетлердеги сыяқлы Өзбекстанда да темир жолда халықаралық жолаўшы поездларының қатнаўы тоқтатылған еди.

Басқа да қоңсылас мәмлекетлер менен темир жол жөнелислериниң қайта тиклениўи тәреплердиң келисими тийкарында басқышпа-басқыш ашылыўы күтилмекте.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.