– басланғыш медицина буўынын пүткиллей жаңа қатнаслар тийкарында түп-тийкарынан өзлестириўге кирисилди;

– өткен жылдан баслап, ҳәр бир мәҳәлледе «шаңарақ кесиминде» ислейтуғын медициналық бригадалар шөлкемлестирилди;

– 2021-жылдан басланғыш буўында халықты 66 түрдеги дәри қураллары менен бийпул тәмийинлеў жолға қойылды.

– халыққа сапалы медициналық жәрдемди кеңейтиў мақсетинде, басланғыш системаға 20 мың орта медицина хызметкерлери қосылды.

– аўылларда жайласқан 801 шаңарақлық поликлиника жаңа заманагөй УЗИ ҳәм ЭКГ аппаратлары менен тәмийинленди;

– аўыл ҳәм мәҳәллелерде 8 түрдеги жаңа медициналық хызметлер жолға қойылды.

Соның ишинде, саламатлық көрсеткишлери бойынша қәўип топарына кирген 12 миллион халықты мақсетли скринигтен өткериў басланды.

Булардың барлығы, өз гезегинде, сапалы медициналық хызметлерди «мәҳәллеге шекем түсириў» бойынша әҳмийетли қәдемлер болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги