Келеси бес жылда да халқымызды сапалы ҳәм тәжирийбели медициналық хызмет пенен тәмийинлеў, саламат турмыс тәризин кеңнен енгизиўди Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының ең әҳмийетли бағдары сыпатында белгилеп алдық.

Бүгин сизлер менен денсаўлықты сақлаў тараўының улыўма жағдайы, оны раўажландырыў мәселелери, системадағы әҳмийетли машқалаларды ашық-айдын додалап, гезектеги ўазыйпаларды анықлап аламыз.

Мен ҳәр сапары аймақларға барғанымда әлбетте медицина мәкемелерине кириўге, шыпакерлер менен ушырасыўға ҳәрекет етемен. Бирақ, сизлер менен мине усындай кең дөгеректе, ашық сөйлесиў түринде биринши мәрте көрисип турмыз.

Бүгин тараўдағы жетискенликти-жетискенлик, кемшиликти-кемшилик деп айтып, системадағы «кеселликлер»ге дурыс диагноз қойып, олардың емин табыўға ҳәрекет етиўимиз керек.

Медицина сондай тараў, оған байланысы болмаған инсанның өзи жоқ. Ҳәммемиз де тири жанбыз, медицина мәкемелерине  күнде-күнара мүрәжат етпеген адамды табыў қыйын».

Қарақалпақстан хабар агентлиги